Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, алып барылып атырған избе-из реформалар, ири жойбарлар менен танысыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мақсетинде 30-март күни Жиззақ ўәлаятына барды.

Жиззақ ўәлаяты әййемнен шығыс пенен батысты байланыстыратуғын Уллы жипек жолының әҳмийетли өтиў пунктлеринен бири болып келген. Ғәрезсизлик жылларында аймақтың елимизди раўажландырыўдағы орны ҳәм әҳмийети және де артты. Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде аймақтың қолай географиялық ҳәм транспорт-коммуникациялық имканиятларынан, жер асты ҳәм жер үсти байлықларынан, үлкен экономикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланылмақта.

Президентимиз өткен жылы 28-апрель күни ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында социаллық-экономикалық раўажланыў процеси менен танысқан, халықтың абаданлығы, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берген еди. Өткен ўақыт ишинде ўәлаятта үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысы ирге тасын қалап берген Зафарабад районындағы нефтьти қайта ислеў заводының қурылысы тек ғана елимизде емес, ал Орайлық Азия регионында үлкен ўақыя болды. Ҳәзирги ўақытта жойбардың нырқы 2,2 миллиард АҚШ доллар болған кәрхананы қурыў жумыслары жоқары пәтлерде даўам етпекте. «Жиззақ» еркин экономикалық зонасында шет ел инвестицияларының қатнасында қурылып атырған «Uzbekistan Peugeot Citroen Automotive» заводы жақында иске түсирилген шийше өнимлерин ислеп шығаратуғын «Ming Yuan Sily industry» жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги кәрхана, Жиззақ қаласында қурылып атырған «SILK EXPERT prоcessing» жипек жетистириўге ҳәм қайта ислеўге қәнигелескен Өзбекстан – Уллы Британия қоспа кәрханасы елимиз экономикасының арттырыўына хызмет етеди.

Аймақларды комплексли раўажландырыўға қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде бундай ири жойбарлар алыс районларда да әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Фориш районының Эгизбулоқ аўылында Уллы Британияның «Leigh Barrier LLP» компаниясы менен биргеликте «Mega invest industrial» ЖШЖ тәризиндеги композит арматуралар ислеп шығыў заводы, Ғәллеарал районындағы «Marjon global» шыпалы өсимликлерди қайта ислеў, Замин районында «Замин-Фарм» еркин экономикалық зонасы қурамындағы кәрханалар ўәлаяттың экономикасын раўажландырыўда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Президентимиз бул гезектеги сапары даўамында ўәлаятты буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар жойбарлардың әмелге асырылыўы, бурынғы сапар етиў даўамында  берилген тапсырмалардың орынланыўы, халықтың талап-зәрүрликлери менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Зарбдар районындағы «Zarbdor textile» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды. Усы жылдың апрель айында иске түсирилиўи режелестирилген кәрханада 17,5 миллион долларлық қурылыс-монтажлаў жумыслары исленген.

Кәрханада жылына 31 миллион квадрат метр гезлеме және 6,5 миллион дана трикотаж өнимлери ислеп шығарылады. Кәрхана өз жумысын баслаўы менен 864 жумыс орны жаратылады. Өндиристи кеңейтиўдиң есабынан усы жылдың үшинши шерегинде және 196 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.

Шавкат Мирзиёев елимизде жетистирилип атырған пахта өзимизде толық қайта ислениўи қосымша қунлы өним таярлаў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Бул жерде Жиззақ қаласындағы бурынғы тоқымашылық комбинатының бос турған имаратлары тийкарында заманагөй тоқымашылық комплексин жаратыў, «Жиззақ», «Замин-фарм» еркин экономикалық зоналарында 2018-2019-жыллар ушын режелестирилген инновациялық, сондай-ақ, ўәлаятта жеңил санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әмелге асырылатуғын жойбарларды таныстырыў мәресими де өткерилди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жиззақ қалалық Ишки ислер бөлими 2-санлы ишки ислер бөлимшесинде болды.

Елимизде қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў, жәмийетлик тәртипти, халықтың тыныш-татыўлығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Оны профилактика, оператив-излеў, тергеў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, өрт қәўипсизлиги, қорғаў, патруль-пост хызметлери, мобилизациялық отрядлар қайта шөлкемлестирилип, ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы турақлы беккемленип атырғанында да көриў мүмкин.

Президентимиз 2017-жыл 17-август күни ишки ислер уйымлары хызметкерлери менен өткерилген видеоселектор мәжилисинде Жиззақ қаласында «Қәўипсиз қала» жойбарын енгизиў бойынша тапсырма берген еди. Бул тапсырманың орынланыўы бойынша Жиззақ қалалық ишки ислер бөлими 2-санлы ишки ислер бөлимшесинде «Қәўипсиз қала» басқармасының ситуациялық орайы шөлкемлестирилди. Орай жол ҳәрекети қәўипсизлиги, өрт қәўипсизлиги, қорғаў хызмети, патруль-пост хызмети ҳәм басқа да тармақларды геоинформациялық система арқалы басқарады. Базарлар, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, мийманханалар, жоллар ҳәм басқа да жәмийетлик орынларға орнатылған видеобақлаў үскенелери, заманагөй сигнал жеткерип бериў техникасы бунда пайда береди. Бул жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық жүз бериўиниң алдын алыўда, оларды тез мүддетте ашыўда үлкен әҳмиийетке ийе.

– Бундай видеобақлаў қурылмасын қаладағы профилактика инспекторларының бөлмесине, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң ҳәм мектеплердиң әтирапына да орнатыў керек, – деди Президент. – Сонда оқытыўшылар менен оқыўшыларда да жуўапкершилик және де артады.

Бөлимше еки қабатлы имараттта жайласқан болып, бул жерде «Заргарлик» мәкан пуқаралар жыйыны, мәҳәлле сақшысы, профилактика инспекторының бөлмелери орын алған.

Шавкат Мирзиёев мәҳәлле баслығы ҳәм профилактика инспекторы менен халықтың абаданлығын арттырыў, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәлледе жынаятшылықтың алдын алыў мәселесинде сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысына ишки ислер бөлимшеси тәрепинен ислеп шығылған мобиль бағдарлама ҳаққында мағлыўмат берилди. . «Jizzax IIB» мобиль бағдарламасы халық ушын бийпул болып, пуқаралардың мобиль телефонына жүкленеди. Бул бағдарлама арқалы пуқаралар излеўде болған ҳәм бийдәрек жоғалған шахслар ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыўы, профилактика инспекторының жумысына байланыслы мағлыўматларды алыўы мүмкин.

Хызметкерлерге жедел мәлимлеме жеткериў мақсетинде ўәлаяттағы уялы байланыс компаниясы менен биргеликте 2 мыңнан аслам телефон номери тарқатылған. Бул қолайлық арқалы жедел мәлимлеме жеткериў имканияты жаратылмақта. Яғный, нәўбетшилик бөлиминде бар планшет арқалы күнделикли жүз берген жынаятлар, жол транспорт ҳәдийселери, еслетпе ҳәм жаңалықлар хызметкерлерге жеделлик пенен жеткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы тийисли жуўапкер адамларға бул системаны буннан былай да жетилистириў бойынша тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берди.

Усы жерде Президентимиз бир топар нуранийлер менен ушырасты, шын жүректен ҳәм ашық-айдын руўхта өткен сәўбетлесиўде елимизге ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе болған мәселелер туўралы сөз етилди.

Кейинги мәнзил Жиззақ қаласы Мустақиллик көшесинде қурылып атырған көп қабатлы арзанлатылған турақ жайлар болды.

Президентимиздиң 2016-жыл 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша бул турақ жайлар халықтың кең қатламы ушын заманагөй жайлардан пайдаланыў дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте. Бундай заманагөй жайлар елимиздиң шырайына-шырай  қосыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў менен бирге, адамларда мәмлекетке, ертенги күнге исеним сезимин және де беккемлемекте.

Жиззақ қаласында қурылып атырған турақ жайларды усы жыл сентябрь айында толық пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған. 7 қабатлы, 420 квартираға мөлшерленген жайлар 2 ҳәм 3 бөлмели. Қаланың шырайына-шырай қосып атырған бул 10 жай турақ жайға мүтәж халықты басқышпа-басқыш заманагөй жайлар менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Президентимиз жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың жойбары менен танысты.

Усы жерде ўәлаятта алып барылып атырған қурылыс жумыслары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Шарап Рашидов районындағы Учтепа қалашасында көп қабатлы турақ жай имаратларының жайласыў жойбары, бул райондағы «Тоқчилик» АПЖ аймағында қурылып атырған заманагөй 3-4 қабатлы арзанлатылған турақ жай массивиниң жойбарларында халықтың мүтәжлиги есапқа алынған болып, қурылыс жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Буннан тысқары, Жиззақ қаласындағы Ислам Кәримов көшеси бойлап қурылатуғын инфраструктуралық объектлер, көп қабатлы турақ жайлар, Сайлжойи мәҳәллеси аймағындағы 37-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң имаратын қайта оңлаў сыяқлы бир қатар перспективалы жойбарлар усынылды.

-Жиззақ қаласында кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта. Соның ушын бул жерде қурылыс материалларын ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Әне сонда қурылып атырған имаратлардың баҳасы арзанға түседи.

Президентимиз ўәлаятта ишимлик суў системасын раўажландырыў жойбарына айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти. Халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша барлық дәреклерди иске қосыў ушын жуўапкер адамларға көрсетпелер берди.

Жиззақ ўәлаяты көп қабатлы турақ жай фондын тәмийинлеў бағдарламасына тийкарланып, 2017-жылы 345 көп қабатлы турақ жай оңланған. Бул жумысларды әмелге асырыўда коммерциялық банклер тәрепинен 16,3 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредитлер ажыратылған. 2018-жылы 409 көп қабатлы турақ жай ҳәм олардың әтирапын абаданластырыў нәзерде тутылған. Бул мақсетлерге 59,6 миллиард сум қаржы тартылады.

Шавкат Мирзиёев жойбарлар менен толық танысты. Жуўапкерлерге ажыратылатуғын қаржыларды, қурылыс жумысларын жуўмақлаў мүддетин қадағалаўды тапсырды.

Президентимиз Дослық районындағы Манас аўылына барды.

«Манас» аўыл пуқаралар жыйынында Жиззақ ўәлаятында аўыл хожалығы тармақларын раўажландырыўға қаратылған жойбарлар менен таныстырыў мәресими өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы терини қайта ислеў, агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат кластерин қурыў, түйе сүти менен емлейтуғын клиника шөлкемлестириў бағдарындағы усынысларға айрықша итибар қаратты. Халықтың қыйтақ жер хожалықларынан нәтийжели пайдаланыўына көмеклесиў, фермер ҳәм дийқан хожалықларына бухгалтериялық есап жүргизиў бойынша консалтинг хызметин көрсетиў, қаржыландырыў базасын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

«Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўы алыс аймақларда жасап атырған миллионлаған жерлеслеримиздиң турмысын жақсылаўға, оларға мүнәсип турмыс тәризин жаратыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди. Манас аўылы елимизде басланған «Абат аўыл» бағдарламасын енгизиўде үлги сыпатында тарийхта қалды.

Өткен әсирдиң  60-жылларында ўәлаяттың ең алыс аймағында қурылған Манас аўылында бүгинги күнде 6,5 мыңнан аслам халық жасайды. Соңғы жыллары инфраструктуралық объектлер, көше ҳәм жоллар, ишимлик суўы, ыссылық, электр энергиясы тәмийнаты, мәдений-турмыслық хызмет көрсетиў талапқа жуўап бермеўи нәтийжесинде адамлар бираз қыйналып атырған еди.

«Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында бул жерде жүзеге келген машқалаларды сапластырыў бойынша қысқа мүддетте кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бағдарлама шеңберинде изей суўлар қәддиниң көтерилиўин сапластырыў  ушын 41 километр узынлықтағы коллектор-дренаж тармақлары тазаланды. Еки қабатлы 34 жайдың төбеси қайта жабылды. Турақ жайлардың әтирапындағы режесиз қурылыслардың орнында жаңадан жәрдемши имаратлар, тандырханалар қурылды. Мийўели ҳәм 10 мың түптен аслам саяманлы терек нәллери отырғызылды.

Халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў мақсетинде «Суўақаба» мәмлекетлик унитар кәрханасы жәмәәти тәрепинен 6,5 километрлик суў қубыры тартылды. Суў тарқатыў объектлери оңлаўдан шығарылды. 2 улыўма билим бериў мектеби оңланып, қайта үскенеленди. Бул мектеплерде оқыў-өндирислик устаханалар қурылып, ағаш усташылық, зергерлик, тигиўшилик әсбап-үскенелери менен тәмийинленди. 17 балалар майданшасы, 2 мини футбол майданшасы, 250 орынлық стадион қурылды.

«Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў басланғаннан берли аўылда 200 ден аслам ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Соның ишинде, «Жиззақпахтасанаат» акционерлик жәмийетиниң 100 орынлық, «Заминтекс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 20 орынлық тигиўшилик цехлары қурылып, аўыл ҳаял-қызларынан 120 сы жумысқа орналастырылды.

30 ыссыхана, көп қабатлы жайларда жасайтуғын пуқаралардың малларын бағыў ушын 100 басқа мөлшерленген заманагөй ферма қурылды. Ветеринария хызмети иске түсирилди. Заманагөй көринистеги 31 саўда  дүканы, нанбайхана, монша қурылды. 500 орынлық «Манас» мәденият сарайы толық оңлаўдан шығарылып, мәдений-ағартыўшылық орайына айландырылды. Аўыллық шыпакерлик пункти қайта реконструкцияланып, оның орнында 500 адамның көриниўине мөлшерленген шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилди.

Президентимиз бул поликлиникадағы шараятларды көзден өткерди.

– Орынларда заманагөй медицина мәкемелерин қурып атырғанымыз жақсы, әлбетте.  Ендиги талап усы мәкемелерди маман қәнигелер менен тәмийнлеў және халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыўдан ибарат болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев аўылда «Өзданмаҳсулот» акционерлик компаниясының басламасы менен қурылған нанбайхананы барып көрди. Заманагөй технологиялар менен үскенеленген нанбайханада күнине 30 түрдеги 2 мың дана қәлипли нан таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы аўылдағы 125 орынлық «Айчурек» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде де болды. Қубла Корея стандарты тийкарында қурылған ҳәм үскенеленген мәкемеде балалардың алдынғы шет ел тәжирийбелери тийкарында дәслепки билим-көнликпелерин қәлиплестириў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

«Манас» мәденият сарайында халық депутатлары Жиззақ ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң қатнасыўында өткен мәжилисте районлар менен виденоконференция арқалы сөйлесилип, халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табылды.

Жаңа санаат кәрханаларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығы реформаларын даўам еттириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Пахта майданын қысқартыўдың есабынан мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў, өнимди сақлаў ҳәм қайта ислеўге мөлшерленген кәрханалар шөлкемлестириў, экспортқа қолайлы егинлерди егиў, таў алды аймақларда дәрилик өсимликлер жетистириў, шарўашылықты раўажландырыў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгиленди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавыкат Мирзиёевтиң усынысына бола Жиззақ ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымында ислеп киятырған Эргаш Солиев Жиззақ ўәлаятының ҳәкими етип тайынланды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Жиззақ ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Әбу Бәкир ОРАЗОВ,

Матназар ЭЛМУРАТОВ,

Умар АСРАРОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары