Өзбекстан Президенти Чехия Бас министри менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады

168

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Баку қаласында өтип атырған БМШтың Климат бойынша конференциясы шеңберинде Чехия Республикасы Бас министри Петр Фиала менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан-Чехия қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм баслы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Чехия дәстүрий түрде мәмлекетимиздиң Европадағы әҳмийетли бирге ислесиўшиси болып есапланады. Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми 2 есеге, қоспа кәрханалар ҳәм жойбарлар саны 3 есеге көбейди.

Ҳүкиметлер аралық комиссия жумысын жеделлестириў, товар алмасыўды көбейтиў бойынша «жол картасы» ҳәм анық жойбарлардан ибарат санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықща итибар қаратылды.

ӨзА