Баку қаласында өткерилип атырған COP29 илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Глобал экологиялық фонд (ГЭФ) бас директоры ҳәм баслығы Карлос Родригес пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда қор менен Өзбекстанда климат турақлылығы ҳәм экосистемаларды қорғаў бойынша әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
ГЭФтиң мәмлекетимизде био ҳәр түрлиликти сақлаў, тәбийғый ресурсларды басқарыў, климат өзгериўине бейимлесиў жойбарларын әмелге асырыўдағы әҳмийетли үлеси миннетдаршылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 100 миллион доллардан артқан.
Ҳаўа сапасын мониторинг етиў бойынша регионаллық тармақ жаратыў, көклемзарластырыў ҳәм экотуризмди раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, жоғалып баратырған ҳайўан түрлерин асыраў, сондай-ақ, Аралбойы аймағын қайта тиклеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Келеси жылда Өзбекстанда ири халықаралық илажлар, соның ишинде, Глобал экологиялық фонд донорлар мәжилисин өткериў бойынша да пикир алысты.
ӨзА