Баку қаласына әмелий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев пенен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшиси БМШтың Климат бойынша саммити (COP29) табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.
Усы жылы август айында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер шеңберинде Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм аўқамласлық байланысларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды жедел раўажландырыў жылында бирге ислесиў жоқары дәрежеге жеткени миннетдаршылық пенен атап өтилди.
Товар алмасыў көлеми артпақта, автомобиль санааты, тоқымашылық, электротехника, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм қала қурылысы ҳәм басқа бағдарларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Жойбарлар портфелин, соның ишинде Биргеликтеги инвестиция компаниясы қаржыларын кеңнен тартқан ҳалда және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аўғанстанның экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.
Жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўды даўам еттириў, сондай-ақ, 2025-жылда дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў шеңберинде кең көлемли илажлар бағдарламасын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў шеңберинде Хонканди қаласында биргеликтеги тигиўшилик фабрикасын иске қосыў мәресими де болып өтти.
ӨзА