Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги директорының буйырығы менен әскерий хызметкерлерди ҳәм арнаўлы атақларға ийе хызметкерлер ушын мәмлекетлик мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул режеге мәмлекетлик хызметте жарақатланыў яки майыплыққа дус келген әскерий хызметкерлерге қамсызландырыў төлемлерин әмелге асырыўды белгилейди. Ҳүжжет 2024-жыл 8-ноябрьден күшке кирди. Бул ҳаққында «Норма.уз» хабар берди.

Режеге бола, қамсызландырылған шахс айрықша жағдайларда яки әскерий хызмет даўамында қайтыс болса, оның шаңарағына БЕМниң 200 есеси муғдарында төлем әмелге асырылады. Егер әскерий хызметкер хызметте жарақат алып, бир жыл ишинде қайтыс болса, төлем муғдары БЕМниң 84 есесин қурайды. Бул төлемлер тек ғана қайтыс болғанларға емес, ал жарақат алғанларға да тийисли.

Сондай-ақ, хызмет ўақтында майыплыққа ушыраған шахсларға төлемлер майыплық дәрежесине қарап әмелге асырылады. I топар майыплығына төлемниң 75 проценти, II топарға 50 процент, III топарға болса 30 процент төленеди. Соның менен бирге, аўыр ҳәм жеңил жарадар болған әскерий хызметкерлерге де тийисли процентлерде төлемлер бериледи.

Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған яки арнаўлы атақларға ийе хызметкерлер денсаўлығы себепли хызметке жарамсыз деп табылса, оларға БЕМниң 10 проценти муғдарында төлем төленеди. Бул қамсызландырыў төлемлери қамсызландырыўшы тәрепинен шерек басынан 15 күн ишинде қамсызландырылыўшының есап номерине өткерилиўи керек. Төлем қамсызландырыў шәртнамасына бола бир жыл даўамында әмел етеди.

Қамсызландырыў төлемлери қамсызландырылған яки пайда алыўшылардың банк есап бетине өткериледи яки нызамлы басқа усылларда әмелге асырылыўы мүмкин. Қамсызландырыў сыйлығы өз ўақтында төленген ағдайда, төлемлер қамсызландырыўшы тәрепинен барлық ҳүжжетлер келип түскеннен кейин 5 жумыс күниниң ишинде әмелге асырылады. Бул тәртип қамсызландырыў төлемлерин өз ўақтында тәмийинлеўге жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги