Баку қаласында болып өтип атырған БМШтың климат өзгериўи бойынша СОР29 саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Греция Бас министри Кириакос Мицотакис пенен ушырасыў өткерди.

Сәўбетте еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм әмелий байланысларды раўажландырыў мәселелери, әсиресе, сиясий ҳәм саўда-экономикалық тараўлардағы қатнасықлар додаланды.

Товар алмасыў көлемин көбейтиў илажларын ислеп шығыў, фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда кооперациялық жойбарларды қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм туристлик бағдарлардағы алмасыўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги орталығын Афинада ҳәм Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық комиссия мәжилисин Ташкентте өткериўге келисип алынды.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.

ӨзА