Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ең шетки алыс аймақлардан бири болған  Қубла Үстиртте болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.

Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў шараятын жақсылаў бойынша орынларда барлық зәрүрли илажлар әмелге асырылмақта. Өткен жылдың ноябрь айында Жоқарғы Кеңестиң Баслығы усы аймақ турғынлары менен ушырасып,  олардың мүрәжатлары тыңланған еди. Усы ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешимин ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың орынланыў барысы көрип шығылды.

Жоқарғы Кеңес Баслығынын алдынғы жеке қабыллаўында аймақ турғынлары тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапқанлығын атап өткен орынлы.  Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаңадан реконструкциялаў жумыслары жуўмақланып, тәрбияшы штат бирликлери ашып берилген. Аймақ балалары ушын футбол майданшасы да пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары, аймақты интернет пенен тәмийинлеў, перзентлериниң  шәртнама төлеми пулларын төлеп бериў бойынша билдирилген мүрәжатлар да толық шешимин тапқан.




Гезектеги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм орнында шешимин тапты. Атап айтқанда, билдирилген мүрәжатлар бойынша өзин-өзи бәнт етиў тилеги бар пуқаралар ушын кондитер печ, тигиў машиналары, гөззаллық салоны ушын керекли болған үскенелер берилетуғын болды. Буннан тысқары, 4 пуқараның шәртнама төлеми пулы төлеп берилип, бир неше пуқараның турақ жай ижарасы төлемине жәрдем берилетуғын болды.



Пуқаралардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап, олардың машқалаларын шешиў бүгинги күнниң баслы мақсетлеринен бири болып табылады. Бул бағдардағы ийгиликли жумыслар даўам етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги