Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң айрықша саммитинде қатнасыў ушын 15-16-март күнлери әмелий сапар менен Анқара қаласында болады.

Гезексиз саммиттиң күн тәртибине муўапық, айрықша жағдайларды басқарыў ҳәм гуманитарлық жәрдем көрсетиў бағдарында көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, тәбийғый апатлардың алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў перспективалары көрип шығылады.

Буннан тысқары, саммит даўамында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылады.

Сапар даўамында бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Усы жылы Түркий мәмлекетлер шөлкемине Өзбекстан Республикасы басшылық етип атырғанын атап өтиў керек. Самарқанд саммитинде ерисилген келисимлерге муўапық, саўда, «жасыл» экономика, инвестициялар, инновациялар, транспорт, логистика, илим, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған 30 дан аслам көп тәреплеме илаж әмелге асырылмақта.

ӨзА