Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде усы жылы 13-март күни Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысының сапары уллы улама Ҳәким ат-Термизийдиң мақбарасын зыяратлаў менен басланды.

Алладан елимизге тынышлық, қут-берекет тилеп пәтия етилди.

Уламалар менен болған сәўбетте илимий-ағартыўшылықтың раўажланыўына жаратылған шараятлар ҳәм диний еркинликлер ҳаққында сөз болды. Кейинги жыллары мусылманлар ибадатларын еркин орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылды: жаңа мешитлер, медреселер қурылды, илимий-ағартыўшылық комплекслер қурылғаны, ҳәр жылы мыңлаған ўатанласларымыз Ҳаж ҳәм Умра ибадатларын орынлаў бахтына ерисип атырғаны атап өтилди.

Бәринен бурын имам-хатиблер аймақларға шығып, Ҳәким ҳәм Имам Термизийлер, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Бурҳаниддин Марғилоний, Абу Муин Насафий ҳәм басқа да уллы алымларымыздың мийрасын системалы ҳәм терең үйрениўи керек екенлиги атап өтилди. Оның ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығыў усынысы билдирилди.

Термиз қаласында халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында ўәлаят халқына терең ҳүрметин билдирип, үлке халқының ҳәр қыйлы тараўлар менен тармақларда үлкен нәтийжелерге ерисип атырғанын атап өтти.

– Усындай гөззал бәҳәр күнлеринде, уллы әййямлар алдында сизлер менен көрисип турғанымнан қуўанышлыман. Бүгин ўәлаятқа ҳәким қойып, жаңа шеклерди белгилеп алыўымыз керек. Мақсет – реформалардың орынланыўын ҳәм дәрежесин арттырыў, нийетлерди үлкен етип қойып, соған мүнәсип ҳәрекет етиў, халықтың ишине кирип барып, оларды разы етиў,-деди Президент.

Мәжилисте аймақ раўажланыўының ҳәзирги жағдайына тоқтап өтилди. Соңғы бес жылда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 15 мыңнан аслам кәрхана иске қосылған. Жаңадан қурылған «Зарчоб-1» ҳәм «Зарчоб-2» микро гидроэлектр станцияларында жылына 201 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылмақта.

Сондай-ақ, 257 мектеп қурылған ҳәм реконструкцияланған, бақшаға қамтып алыў 18 проценттен 62 процентке жеткен. 302 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. 1 мың километр халықаралық ҳәм 3 мың километр ишки жоллар оңланған.

– Егер және бир-еки жыл биргеликте қатты ислеп, халқымызға шын кеўилден хызмет етсек, Сурхандәрьяда жүдә үлкен раўажланыў, өсиў болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Мәмлекетимиз басшысы Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына Улуғбек Қосимовтың кандидатурасын усыныс етти.

У.Қосимов 1983-жылы туўылған. 2018-жылға шекем Музработ ҳәм Денов районларының ҳәкими, 2018-2022-жыллары Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы прокуроры лаўазымларында ислеп, үлкен тәжирийбе арттырған.

Ол өткен жылдың декабринен баслап Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кандидатураны лаўазымға тастыйықлаўдан алдын оның режелерин тыңлаўды усыныс етти. Улуғбек Қосимов ўәлаятта исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығын раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша режелерин таныстырды.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, олар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Мәҳәллелерге шаңарақлық исбилерменликти алып кириў ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеў арқалы 60 мың, жаңа бизнес субъектлерин шөлкемлестириў арқалы 4 мың халықты, жумыссызларды заманагөй кәсиплерге оқытып 20 мың жумыс орны менен тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Сурхандәрьяның климаты дийқаншылық ушын жүдә қолайлы, өнимлер ерте писеди. Соның ушын ўәлаятта соңғы бес жылда мийўе-овощ тийкарғы егислик майданлары 2,5 есеге көбейтилген. Быйыл халық ушын және 8 мың 500 гектар ажыратылмақта. Дийқанларға шараят жаратып, суў тәмийнатын жақсылап, азық-аўқат өнимлериниң көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм экспортты 250 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Соңғы бес жылда ўәлаят санаатына 30 триллион сум инвестиция тартылып, 5 мыңнан аслам кәрхана шөлкемлестирилген. Өндирис 3 есеге көбейип, санаат экспорты 132 миллион долларға жеткен. Сурхандәрьяда алдын болмаған қурылыс материаллары, былғары аяқ кийим, электр техникасы сыяқлы жаңа тармақлар пайда болған.

Соның менен бирге, ўәлаятта еле пайдаланылмаған кәнлер ҳәм имканиятлар көп. Усы жылы 292 санаат жойбарының иске қосылатуғыны белгиленди. Бул 10 мың жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятын береди. Сондай-ақ, санаатта импортты 50 миллион долларға қысқартып, экспортты кеминде 250 миллион долларға жеткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте энергетика мәселелерине де итибар қаратылды. Сарыасия районындағы Тўпаланг гидроэлектр станциясы ҳәм жаңа 3 киши ҳәм микро ГЭСте усы жылдың өзинде 350 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Шеробод районында 457 Мегаватт қуўатлықтағы ири қуяш электр станциясы иске қосылады. Сондай-ақ, киши қуўатлықтағы қуяш панеллерин орнатыў бойынша режелер айтып өтилди.

Улыўма алғанда, Сурхандәрьяда социаллық машқалаларды шешиўге усы жылғы мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған 1,5 триллион сумға қосымша 465 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди. Сондай-ақ, аграр тараў, ишимлик суўы ҳәм исбилерменлик жойбарларына қосымша 328 миллион доллар тартыў бойынша тапсырма берилди.

Олар арқалы 325 мың халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеп, Сурхандәрьяны кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсет етип қойылды.

Презентациядан соң ўәлаятлық кеңес депутатлары кандидаттың режелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Шөлкемлестириў мәселеси даўысқа қойылды. Оның нәтийжелерине бола, Улуғбек Қосимов Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы белгиленген режелер енди турмысқа көшиўи, барлық шөлкемлер ҳәким әтирапында бирлесип, халыққа хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Термиз районы Янгиабад мәҳәллесиндеги «Termez National Carpets» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Кәрхана жылына 2,2 миллион квадрат метр гилем ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Оның ушын Германия, Бельгия, Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. 150 жаңа жумыс орны жаратылды.

Өнимлердиң дерлик ярымын экспорт етиў режелестирилген. Шийки заттың 80 проценти локализацияланған. Кәрхана иске қосылған қысқа ўақытта Әзербайжан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлерине 255 мың долларлық гилем ҳәм гилем өнимлери экспорт етилди. Усы жылы 4 миллион долларлық өнимди сырт ел буйыртпашыларына жеткерип бериў мөлшерленбекте.

Әҳмийетлиси, кәрханада альтернатив энергиядан пайдаланыўға айрықша итибар берилмекте. Ҳәзирги ўақытта сыртқы ҳәм ишки жақтыландырыў системасы ушын қуяш панеллеринен пайдаланылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис процеси менен танысты. Ўәлаятта ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбесин көзден өткерди.

Бул жерде 6 жаңа өндирислик қуўатлықларды иске қосыў мәресими болып өтти. Термиз қаласындағы «Indenim Cluster», Жарқўрғон районындағы «Фабулло строй сервис», Ангор районындағы «Ангор Барака», Термиз районындағы «Termiz agro impeks» кәрханалары, Сарыасия районындағы қурылыс материаллары киши санаат зонасы ҳәм Тўпаланг гидро электр станциясы ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслердиң потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди.

Термиз қаласындағы «Indenim Cluster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пахта талшығынан таяр кийим-кеншек ислеп шығарыўға қәнигелескен. 400 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген.

Жарқорған районындағы «Фабулло строй сервис» кәрханасында жылына 75 мың куб метр автоклав газоблок ислеп шығарыў өзлестирилип, 80 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди.

Ангор районындағы «Ангор Барака» жуўапкершилиги шекленген жәмийети саўда комплексинде миллий өнерментшилик орайы шөлкемлестирилген. Ол жерде жылына дерлик 125 мың таяр трикотаж, 50 түрдеги миллий липаслар ҳәм өнерментшилик өнимлери таярланып, мыңға шамалас ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленеди.

Сарыасия районындағы киши санаат зонасында заманагөй қурылыс материаллары ислеп шығарылады.

«Termiz agro impeks» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Термиз районында 3 мың тонна сыйымлылығына ийе музлатқышлы қоймахана, заманагөй ыссыхана қурылып, 220 адамның бәнтлигин тәмийинлеген.

Тўпаланг гидро электр станциясын модернизациялаў жойбары шеңберинде оның улыўма қуўатлылығы 175 мегаваттқа жетпекте. Бул жылына 467 миллион киловатт саат электр ислеп шығарыў имканиятын береди.

Улыўма, усы 6 кәрхана 2 мың жаңа жумыс орнын жаратады, олардың жумысы себепли ўәлаят өндирисине 370 миллиард сум, экспортына 20 миллион доллар қосады.

Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа кәрханаларды иске қосты.

Президентимиз Жарқўрғон районындағы «Камола Камолбек Қуюн» фермер хожалығында болып, егинлердиң раўажланыўын көзден өткерди, ғәлле ҳәм ғаўашаның сорты, зүрәәтлилиги менен қызықты.

Хожалықтың жер майданы 45 гектар. Усы жылы ғәлледен 70, пахтадан 40 центнерден өним жетистириў мөлшерленбекте. 35 адам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

– Не ушын аўыл хожалығында илим, инновация керек, деп атырмыз? Бәринен бурын, сапа ҳәм өнимдарлық ушын. Жоқары дәрамат алыўды қәлеген фермер хожалығында да социаллық дәптерлерге киргизилген 34 пуқараға 20-25 сотыхтан жер ажыратылған. Олар көк шөп, картошка, пияз, гешир ҳәм басқа да егинлер егип, жақсы дәрамат алған. Усы жылы да қосымша 18 пуқараға дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын 30 сотыхтан жер майданларын ажыратыў нәзерде тутылған.

Президент усындай жер ийелери менен сәўбетлести.

– Халыққа жер берилип, туқым, төгин мәселелеринде де жәрдем көрсетилмекте. Тек ғана мийнет етиў қалып атыр. Егер ҳәр бир шаңарақ өзи ҳәрекет етип, өмиринде өзгерис ислесе, кәмбағаллық та, жумыссызлық та болмайды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сурхандәрья климатында 3-мартқа шекем өним алыў мүмкин екенлиги, халыққа жәрдемлесип, дәрамат дәреги жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлериниң Сурхандәрья ўәлаятындағы взводларынан бирине барды.

Ҳәкимшилик имараттағы шараятлар, шегараны қорғаўда қолланылып атырған әскерий техника ҳәм курал-жарақлар көзден өткерилди. Мәмлекет шегарасын қорғаўда ушыўшысыз ушыў аппаратларының әҳмийети атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Аўғанстан шегарасын қорғаў процеси менен жақыннан танысты.

Мәмлекетимизде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў менен бирге әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул взвод жанында да ықшам турақ жайлар қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы усындай шаңарақлардан биринде мийман болды. Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести.

– Ўатанымыз қорғаўшыларының өз ўазыйпаларын қәтержем орынлаўы, перзентлердиң тәрбиясы сизлерге байланыслы. Өмирлик жолдасларыңызға мәдеткар болып, үлкен мәртлик көрсетип атырсыз. Сизлер де Ўатан қорғаўшыларысыз, – деди Шавкат Мирзиёев әскерлердиң зайыпларына.

Ҳәўлиде ойын, спорт майданшалары, ҳаял-қызлар ушын тигиўшилик ҳәм кондитерлик ханасы шөлкемлестирилген. Балаларды мектеп ҳәм бақшаға апарыў ушын автобус жолға қойылған.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Қубла-арқа арнаўлы әскерий округи «Термиз» дала оқыў майданында Қорғаныў министрлиги әскерлериниң бригада тактикалық оқыўын бақлады.

Кейинги жылларда Қураллы Күшлеримиз түп-тийкарынан реформаланып, әскерий хызмет түрлериниң қолланыў тактикасы ҳәм стратегиясы жетилистирилди. Бөлимлердиң бирге ислесиўин шөлкемлестириў, жаўынгерлик ҳәрекетлер ҳәм операцияларды ушыўшысыз ушыў аппаратлары, авиация ҳәм артиллерия имканиятларынан кеңирек пайдаланған ҳалда алып барыўдың заманагөй тәжирийбеси әмелиятқа енгизилди.

Атап айтқанда, бул процесс топар, взвод ҳәм бригада тактикалық оқыўларында тапсырмаларды орынлаў, қурал-жарақ ҳәм әскерий техниканың ең заманагөй үлгилерин қолланыў, авиация жәрдеминде улыўма әскерий бөлимлерге мәдет бериў, өтиў қыйын болған таўлы ҳәм шөл аймақларында, қала шараятларындағы арнаўлы операциялар, бөлимлерди эвакуациялаў сыяқлы шынығыўларда өз көринисин таппақта.

Бул шынығыўлар дүнья жүзинде бақланып атырған әскерий ҳәрекетлер өзгешелигинен келип шыққан ҳалда өткерилди.

Президентимиздиң басламасы менен кейинги алты жыл даўамында Қорғаныў системасындағы барлық дала оқыў майданлары, әскерий бөлим ҳәм мәкемелерде халықаралық талаплар тийкарында қурылыс ҳәм оңлаў, заманагөй қураллар менен тәмийинлеў жумыслары алып барылды.

«Термиз» дала оқыў майданында да Қураллы Күшлер жеке қурамының дала шараятында жаўынгерлик билим, көнликпе ҳәм руўхый таярлығын арттырыў, бригада тактикалық оқыўларды өткериў ҳәм әскерий көркем өнер тараўында изленислер алып барыў, жеке қурамның жаўынгерлик таярлығын арттырыўға қаратылған ең алдынғы шараятлар жаратылды.

Президентимиз дүнья жүзинде мәлимлеме ҳүжими барған сайын ҳәўиж алып атырған бүгинги күнде Қураллы Күшлеримиз потенциалын және де беккемлеў, халық ҳәм армияның бирлигин тәмийинлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў әскерий тараўдағы реформалардың негизин қураў кереклигин атап өтти.

Президент әскерлердиң жаўынгерлик қәбилети ҳәм таярлығын турақлы арттырып барыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Термиз қаласындағы «Жас шегарашылар» әскерий-академиялық лицейди барып көрди.

Өткен жылы лицей ушын жаңа имарат қурылған. Бул жерде социаллық ҳәм анық пәнлер бағдарларында 200 ден аслам оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ўатанды қорғаў ҳәм елдиң тынышлығы жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары менен ушырасты. Видеобайланыс арқалы илажға Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың ўәкиллери де қосылды.

Бизге белгили, ғәрезсизликке ерисиў, тыңышлықты сақлаў өз-өзинен болмайды. Халқымыз да көп сынақлы күнлерди басынан өткерди. Тыныш турмысымызды бузыўға урыныўлар, терроршылық ҳүжими болды. Батыр әскерлеримиз мәртлик көрсетип, ғәрезли күшлерге кескин соққы берген. Тилекке қарсы, бул гүресте жүзлеген мәрт әскерлеримиз, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери қайтыс болған.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы оларды атпа-ат еске алды. Бундай дәўжүрек перзентлерди дүньяға келтирип, ҳақыйқый ўатансүйгиш етип тәрбиялаған ата-аналарға олардың өмирлик жолдаслары ҳәм перзентлерине халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдирди.

– Ел ушын жанын пидә еткен улларымызды «қайтыс болған» деп атыўға тил бармайды. Олар шаңарағы ушын, Ўатанымыз ушын мәңги жасайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қаҳарман ер-жигитлердиң естелигин мәңгилестириў, олардың шаңарақ ағзаларына ҳәр тәреплеме ғамқорлық көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз, жәмийетимиздиң итибарында болып келмекте. Марҳум әскерий хызметкерлер мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медальлары менен сыйлықланған. Оларға бағышлап «Мард уғлонлар номи барҳаёт» деп аталған еслеў китабы басып шығарылған.

Президент қарары менен 2018-жылдан баслап, қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң перзентлерин жоқары билимлендириў мәкемелерине жеңиллетилген усыныс тийкарында оқыўға қабыллаў жолға қойылды. Ҳәзирги күнге шекем 278 ул-қыз усы тийкарда жоқары оқыў орынларына кирген.

Мәмлекетимиз басшысы әскерий хызметкерлердиң шаңарағына итибар ҳәм ғамқорлық ҳәмийше даўам етирилетуғынын атап өтти. Усы мақсетте 13-март күни «Ўатанды қорғаў ҳәм елимиз тынышлығы жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Ҳәзирги күнде қайтыс болған әскерлер ҳәм ҳуқық-қорғаў хызметкерлериниң 270 мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алып атыр. Енди пәрманға бола, ҳәр бир шаңарақ ағзасы ушын пенсия муғдары 25 процентке арттырылады. Нәтийжеде ҳәр бир шаңарақ ағзасы орташа 2 миллион сумнан пенсия алады.

Екиншиден, қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларынан ҳәзирги ўақытта 82синиң турақ жайы жоқ, олардың 21 и ижарада ҳәм 61 и туўысқанының үйинде жасайды. Буннан былай, мүтәж шаңарақларға биринши гезекте турақ жай бериледи ҳәм жеңиллетилген ипотека кредитин алыў имканияты жаратылады. Шаңарақ ағзларына ижара төлеми ушын 1 миллион 800 мың сумға шекем ақша бериледи. Буннан тысқары, қайтыс болған хызметкердиң перзентлери бақша, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында бийпул тәлим-тәрбия алады.

Үшиншиден, шаңарақ ағзасы дәраматының салықтан азат етилетуғын суммасы 2 есеге көбейеди. Бул тәртип хызметкердиң перзентлерине де енгизиледи. Нәтийжеде марҳум хызметкердиң шаңарағының үй-руўзыгершилигинде ҳәр айда орташа 700 мың сум қосымша пул қалады.

Төртиншиден, буннан былай бул категориядағы хызметкердиң шаңарақ ағзалары әскерий емлеўханаларда бийпул емлениў ҳуқықына ийе болады ҳәм гезексиз стационар медициналық жәрдем алады. Оларға дәри-дәрмақ ҳәм протез-ортопедия қурылмалары алып бериледи, хирургиялық қәрежетлер мәмлекет есабынан қапланады. Хызметкерлердиң ата-анасы, өмирлик жолдасы ҳәр жылы санаторийде бийпул емленеди, балалары дем алыў орайларында денсаўлығын беккемлейди. Олардың ата-анасы ушын жылына еки рет темир жол ҳәм ҳаўа транспортында жүриў бийпул болады.

Бесиншиден, қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарағын әскерийлескен ҳәм ҳуқық-қорғаў уйымлары тәрепинен ғамқорлыққа алыў әмелияты енгизиледи. Соның менен бирге, ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен аўыр жағдайдағы бундай шаңарақларға ҳәр айда 400 мың сум муғдарында напақа берип барылады.

Бизге белгили, Ўатанға ант берген хызметкер кеўилсиз жағдайлардан кепилленбеген. Буннан былай, егер хызметкер өз миннетин орынлаўда қайтыс болған жағдайда, оның шаңарағына мийнет ҳақының 150 есеси муғдарында бир мәрте напақа бериледи. Яғный, бул напақа орташа 300 миллион сумнан 500 миллион сумға арттырылады. Қайтыс болғанда төленетуғын қамсызландырыў төлеми 25 миллион сумнан 60 миллион сумға көбейеди.

Мәмлекетимиз басшысы бундай мәрт инсанларды камалға келтирген ата-аналары, перзентлери бәрқулла елимиз ҳүрметинде болыўы зәрүр екенин атап өтип, «Эл-юрт фидойиси» көкирек белгисин шөлкемлестириў усынысын билдирди. Бул белгиниң гүўалығына Жоқары Бас Сәркарда тәрепинен қол қойылады. Бул ҳүрмет ийелери барлық жеңилликлерге ийе болады.

Бүгин дүньяның түрли орынларында жаңа қәўип ҳәм қураллы соқлығысыўлар жүз бермекте. Бундай қәўипли жағдай халқымызды да тынышсызландыратуғыны тәбийғый жағдай. Сол себепли мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин, халқымыздың тынышлығын қорғаўға үлкен әҳмийет қаратылмақта.

– Әскерий-жаўынгерлик ҳәм жоқары руўхый потенциал Өзбекстан Қураллы Күшлериниң еки уллы таянышына айланыўы зәрүр, – деди Президент.

Өткен жылы әскерий хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық-руўхый таярлығы ҳәм жаўынгерлик руўхын арттырыў концепциясы қабыл етилди. «Ўатан таянышы» балалар ҳәм жас өспиримлер ҳәрекети дүзилди. Булар жаслардың кеўлинде ўатансүйиўшилик сезимлерин арттырыўға үлес қоспақта.

Мәмлекетимиз басшысы Ўатанның азатлығы жолында пидәкерлик көрсеткен улларымыздың мәртлиги де жас әўлад ушын үлги екени, олар ҳаққында шығармалар дөретиў керек екенин атап өтти.

– Ийгиликли мақсет жолында бирлескен халық ҳәм мәмлекетти ҳеш қандай күш жеңе алмайды. Илайым, қаҳарман улларымыздың ақыретлери абат болсын. Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын, – деди Президентимиз сөзиниң жуўмағында.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзАның хабаршылары