Президент Шавкат Мирзиёев Термиз районы Янгиабад мәҳәллесиндеги «Termez National Carpets» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Кәрхана жылына 2,2 миллион квадрат метр гилем ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Оның ушын Германия, Бельгия, Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. 150 жаңа жумыс орны жаратылған.


Өнимлердиң дерлик ярымын экспорт етиў режелестирилген. Шийки заттың 80 проценти локализацияланған. Кәрхана иске қосылған қысқа ўақытта Әзербайжан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлерине 255 мың долларлық гилем ҳәм гилем өнимлери экспорт етилди. Усы жылы 4 миллион долларлық өнимди сырт ел буйыртпашыларына жеткерип бериў мөлшерленбекте.

Әҳмийетлиси, кәрханада альтернатив энергиядан пайдаланыўға айрықша итибар берилмекте. Ҳәзирги ўақытта сыртқы ҳәм ишки жақтыландырыў системасы ушын қуяш панеллеринен пайдаланылмақта.


Мәмлекетимиз басшысы өндирис процеси менен танысты. Ўәлаятта ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбесин көзден өткерди.

Бул жерде 6 жаңа өндирислик қуўатлықларды иске қосыў мәресими болып өтти. Термиз қаласындағы «Indenim Cluster», Жарқўрғон районындағы «Фабулло строй сервис», Ангор районындағы «Ангор Барака», Термиз районындағы «Termiz agro impeks» кәрханалары, Сариосиё районындағы қурылыс материаллары киши санаат зонасы ҳәм Тўпаланг гидро электр станциясы ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслер потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди.


Термиз қаласындағы «Indenim Cluster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пахта талшығынан таяр кийим-кеншек ислеп шығарыўға қәнигелескен. 400 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген.

Жарқўрғон районындағы «Фабулло строй сервис» кәрханасында жылына 75 мың куб метр автоклав газоблок ислеп шығарыў өзлестирилип, 80 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди.



Тўпаланг гидро электр станциясын модернизациялаў жойбары шеңберинде оның улыўма қуўатлылығы 175 мегаваттқа жетпекте. Бул жылына 467 миллион киловатт саат электр ислеп шығарыў имканиятын береди.

Улыўма, усы 6 кәрхана 2 мың жаңа жумыс орнын жаратады, олардың жумысы себепли ўәлаят өндирсине 370 миллиард сум, экспортына 20 миллион доллар қосылады.

Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа кәрханаларды иске қосты.

ӨзА