Термиз қаласында Халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық Кеңесиниң сессиясы болып өтти. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Президент ўәлаят белсендилериниң билдирген пикирлери тийкарында Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Қосимов Улуғбек Бердиқобиловичтиң кандидатурасын усыныс етти.

Кандитаттың ўәлаятта халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў, аўыл хожалығы ҳәм санаатты раўажландырыў, социаллық тараўдағы машқалаларды шешиў бойынша режелери тыңланды ҳәм додаланды.

Соң Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимин тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды. Даўысқа қойыў нәтийжелерине бола, Улуғбек Қосимов Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

ӨзА