Ҳәзирги ўақытта Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында  Термиз қаласында халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық кеңесиниң сессиясы даўам етпекте.

Президент 257 мектеп қурылғаны ҳәм реконструкцияланғаны, бақшаға қамтып алыў 18 проценттен 62 процентке жеткерилгенин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, ўәлаятта 302 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленгени атап өтилди.

1 мың километр халықаралық ҳәм 3 мың километр ишки жоллар оңланғанына итибар қаратылды.

– Ең тийкарғысы, адамларымыз ҳәм исбилерменлерде келешекке исеним пайда болды. Енди, кеўлимдеги бир гәпти айтсам. Егер және бир-еки жыл биргеликте қатты ислесек, Сурхандәрьяда жүдә үлкен раўажланыў, өсиў болады. Соның ушын, 13 район ҳәкими лаўазымына республикалық уйымларда ислеген, маман кадрларды қойдық. Бүгинги сессияда Сурхандәрья ўәлаятына ҳәким тайынлаў бойынша шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыўымыз керек. Ўәлаят депутатлары ҳәм белсендилери менен мәсләҳәтлесип, ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Қосимов Улуғбек Бердиқобиловичтиң кандидатурасын усы лаўазымға усыныс етемен. Улуғбек Қосимовқа берилген қысқа ўақыт ҳәм имканият Сурхандәрьядағы жағдай ҳәм халықтың тәшўишлерин терең үйрениў ушын жетерли, деп есаплайман,-деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА