Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Нөкис қаласында да улыўма халықлық Наўрыз байрамына бағышланған “Жаңа нәпес” ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти.

Онда  7 жастан  70 жасқа шекемги 5 мыңға шамалас адам қатнасты.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Буннан кейин жарысқа старт берилип, олар Аллаяр Досназаров ҳәм Ислам Каримов көшелери бойлап 3 километр аралықты басып өтти.


















Жарыс нәтийжелери бойынша ҳаял-қызлар арасында Гүлназ Қурбанбаева, ерлер арасында Рашидбек Искендеров жеңимпаз болды. Имканияты шекленген шахслар арасында Айнура Бабаниязова ҳәм  Иззат Розимбетов жақсы нәтийжеге еристи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орынлардың ийелерине медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсрылды. Сондай-ақ,  түрли номинациялар бойынша жеңимпазлар да шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Илаж соңында жыйналғанлардың нәзерине республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы, Нөкис горнизоны әскерлериниң көргизбели шығыўлары усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги