Президент Шавкат Мирзиёев 10-март күни қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз раўажланыўы ҳәм турмыс талабы менен дөретиўшилик көлеми артпақта. Әсиресе, Ташкент қаласында оғада көп социаллық-экономикалық имаратлар қурылды. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселени айрықша итибарға алып, пайтахттың архитектуралық келбетин сақлап қалыў, келешектеги қурылысларды қала тысқарысында ислеў ўазыйпасын қойған еди.

Соған муўапық, Жаңа Ташкент қалашасының жойбары ислеп шығылмақта. Презентацияда Президентимизге усы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Оған бола, биринши басқышта 6 мың гектарда дөретиўшилик ислеў режелестирилген. Соннан келип шығып, перспективалы қурылыс аймақлары, жаңа қала менен пайтахтты бирлестириўши тийкарғы жоллардың схемалары ислеп шығылған.

Қалаша жаңа архитектуралық ҳәм экономикалық орай болады. Пайтахтымыздың шығыс бөлегинде, Жоқары Шыршық ҳәм Орта Шыршық районлары аймағында қурылады. 800 мың халыққа мөлшерленген болады.

Ол жерде министрликлер ҳәм уйымлар, жоқары билимлендириў мәкемелери, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери, театр, китапхана, мийманханалар, турақ жай имаратлары, парклер орын алады. Атап айтқанда, жасыл аймақлар 363 гектарды қураўы нәзерде тутылған.

Бизге белгили, Самарқанд ўәлаятында Имам Бухарий комплекси жаңадан қурылмақта. Бүгинги күнде имаратлар қурып питкерилип, пардозлаў жумыслары алып барылмақта. Комплекс дийўаллары миллий нағыслар менен сәўлеленеди, нағысты ойып ислеў ҳәм сулыўлап жазыў көркем өнери үнлеседи. Оның дийўалларына ески усылда Қураны кәрим сүрелери ҳәм ҳәдислер жазылады.

Президентимиздиң басламасы менен комплексте Имам Бухарий музейиниң шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Илажда бул музейдиң концептуаллық жойбарының презентациясы да өткерилди.

Музей бай мәдений қәдириятларымызды өзинде жәмлеўи есесине заманагөй дизайнға ийе болады. 8 павильон, атап айтқанда, Муҳаммед әлейҳиссалам ҳәм пайғамбарлық тарийхы, ҳәдис илиминиң пайда болыўы ҳәм раўажланыўы, Имам Бухарийдиң турмысы ҳәм илимий жумысы, Имам Бухарий пазыйлетлери, балалар бөлими, «Ал-жоме ас-саҳиҳ» – ислам дининиң екинши дәреги, Имам Бухарий мийрасының бүгинги күндеги әҳмийети, Жаңа Өзбекстанда диний-ағартыўшылық реформалар ҳәм Имам Бухарий мийрасына итибар сыяқлы темаларға бөлинеди.

Мәмлекетимиз басшысы музейден орын алған ҳәр бир зат ҳәм визуал мағлыўмат зыяратшыларға мәрипат жеткериўи керек екенин айрықша атап өтти.

Мәмлекетимизде бизнес орталығын жақсылаған сайын сыртқы саўда байланыслары да кеңейип бармақта. Оған сәйкес түрде бажыхана инфраструктурасын да раўажландырыў зәрүрлиги туўылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанның Қазақстан менен шегарадағы «Ғишткўприк» бажыхана посты арқалы ҳәр күни көплеген инсанлар өтеди.

Сол себепли бул бажыхана посты ушын заманагөй комплекс қурыў режелестирилген. Жаңа терминал, автомобиль жолы, автомобиль туратуғын орын, асхана, медицина ханасы, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшаларының қурылыўы нәзерде тутылмақта.

Президент комплексте жолаўшылар ушын барлық қолайлықларды жаратыў, бажыхана қадағалаўы ҳәм жүклерди өткериў процесин санластырыў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Әзербайжан Республикасындағы елшиханаларының жаңа имаратларының жойбарлары ҳаққында да мәлимлеме берилди.

ӨзА