Президентимиз Ш. Мирзиёев 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп белгилер екен, инсан қәдири идеясын ҳеш қашан умытпаўымыз керек», деп атап өткен еди.
Белгили архелог тарийхшы, профессор, Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов елимиз тарийхында үлкен из қалдырған уллы тулғалардың бири еди. Оның илимде ашқан жаңалықлары дүнья жүзинде тән алынып, алымның мийнетлери көплеген тиллерде басылып шықты.
Илимпаздың илим жолындағы ислеген мийнетлерин студент жасларға үлги тутыў мақсетинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетинде “Өзбекстан Қаҳарманы, профессор Ғайратдин Хожаниязов» атындағы инновациялық оқыў аудиториясы шѳлкемлестирилген.
Университеттиң Тарийх факультети археология кафедрасы жанында “Өзбекстан Қаҳарманы, археолог – алым Ғайратдин Хожаниязов оқыўлары» атамасындағы илимий семинар болып ѳтти.
Семинарды Тарийх факультети деканы С.Сулайманов алып барды. Ол ѳз сѳзинде Ғ.Хожаниязов өзиниң интеллектуал потенциалын өмир ҳәм илим жолында дурыс бағдарлай билген исанлардан бири болғанлығын, алымның мийнетлери жоқары баҳаланып, 2003-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен, 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланғанан, бир неше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, 2015-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Сенаты ағзасы болып сайланғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, Ғ.Хожаниязов 2018-жыл «Беруний әўладлары» көкирек нышаны, 2019-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланады. 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Аттестация комиссиясы тәрепинен оған профессор илимий атағы берилди.
Соның менен бирге, баянатшы тәрепинен «Археология» кафедрасы жанында «Өзбекстан Қаҳарманы, археолог – алым Ғайратдин Хожаниязов оқыўлары» атамасындағы илимий семинардың шѳлкемлестирилгенлигин айрықша баҳалап, әлбетте тәлим ҳәм билим болса, сапа да ѳзгереди,- деп атап ѳтти. Сондай-ақ, тарийхта ѳзиниң пидәкерлик мийнети менен «Өзбекстан Қаҳарманы» деген жоқары мәртебеге ийе болған археолог алым – Ғайратдин Хожаниязовтың атын ел-журтымыз жақсы билетуғынлығын ҳәм де бундай уллы инсанлар менен мақтаныш ететуғынлығын билдирди.
Буннан соң «Археология» кафедрасы баслығы, доцент Ж.Ҳакимниязов кафедраның еркин излениўшилери, докторант ҳәм магистрантларының шуғыллланып атырған илимий ислериниң барысы ҳәм бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берип ѳтти.
Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институти Археология бөлими үлкен илимий хызметкери А.Бекбаулиев “Ғ.Хожаниязов ҳәм Ақшахан қала изертлеўлерде” атамасындағы баянаты менен қатнасып, университетте әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ислерге ѳзиниң миннетдаршылығын билдирип, Ақшахан қала естелигиндеги соңғы жыллары анықланған илимий жаңалықлары менен жақыннан таныстырып ѳтти.
ҚМУдың таяныш докторанты Д.Тѳрениязова «Дәстүрий қарақалпақ ѳнерментшилигиниң этнотуризмди раўажландырыўдағы әҳмийети» атамасында баянат жасап, ол ѳзиниң усы күнге шекем қолға киргизген жаңалықлары ҳаққында сөз етти.
Сондай-ақ, ҚМУдың таяныш докторантлары Б.Даўлетмуратов «Арал бойы аймағында қарақалпақлардың дәстүрий ҳәм заманагѳй жерлеў дәстүрлери ҳәм қәбирстанлары» ҳәм де Х.Эгамберганов «Төменги Әмиўдәрья аймағының неолит дәўири» атамасындағы илимий жумыслары бойынша кең түсиниклер берип ѳтти.
Баянатлардан соң қатнасыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алып, илимий семинар қызықлы ҳәм мазмунлы тәризде ѳткерилди.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда археология ҳәм тарийх илимлериниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышларында салмақлы үлес қосқан, Өзбекстан археология илимиң жәҳән археологиясы көлемине танытқан, Қарақалпақстанның материаллық мәденияты, бийбаҳа археологиялық объектлерин қырқ бес жылдан аслам ўақыт даўамында турақлы, ҳармай-талмай изертлегенин, миллий мәдениятымыздың пидайысы болған – Өзбекстан қаҳарманы, археолог – алым Ғайратдин Хожаниязовтың илимий мийнетлериндеги мәртлик ҳәм мәнаўий хызметлери келешек жасларға үлги ҳәм мақтаныш болады.
Белгили алым, меҳрибан устаз, кемтар инсан Ғ.Хожаниязовтың жарқын өмир жолы қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады. Ѳз гезегинде бул сыяқлы ийгиликли ислер жоқары билимлендириў тараўындағы унамлы ѳзгерислердиң гиреўи болады ҳәм де сапалы билим арқасында жаңа жетискенликлер қолға кирзиледи. Ҳәр биримиз ѳтмишимизге нәзер салып, биз қандай уллы тарийхый инсанлардың перзентлери ҳәм даўамшылары екенлигимизди ҳеш қашан умытпаўымыз керек.
М.Толыбаев,
ҚМУдың Археология кафедрасы ассистенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги