Беларусь Президенти Александр Лукашенко мәмлекетлик ҳәм әскерий хызметкерлерге мәмлекетке қыянет еткени ушын өлим жазасын, сондай-ақ, Қураллы күшлерди абырайсызландырыў ушын жынайый жуўапкершиликти енгизиўши нызамға қол қойды. Бул ҳаққында президент баспасөз хызмети хабар берди.

Нызам «Экстремистлик (терроршылық) ҳәм мәмлекетке қарсы жынаятларға қарсы гүрести күшейтиў» мақсетинде қабыл етилген.

«Нызамда лаўазымлы шахс тәрепинен мәмлекетке қыянет еткени ушын жынайый жуўапкершилик мәмлекетлик лаўазымды ийелеп турған барлық шахсларға қолланылыўы нәзерде тутылады. Соның менен бирге, лаўазымлы шахс ямаса әскерий хызметкер тәрепинен мәмлекетке қыянет еткени ушын өлим жазасын қолланыў имканиятын береди», делинеди хабарда.

Ендигиден былай пуқаралар терроризмди үгит-нәсиятлаў, әскерлерди абырайсызландырыў ҳәм «мәмлекетлик сырларды қорғаў талапларын бузғаны» ушын да жуўапкершиликке тартылады. Беларусь-Европа ҳәм Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы мәмлекетлериниң арасында өлим жазасын қолланатуғын бирден-бир мәмлекет.

ӨзА