«Түркменстан» авиакомпаниясы усы жылы 26-марттан баслап Қазақстан менен ҳаўа арқалы турақлы қатнаўды жолға қоймақшы.
Алмата-Ашхабад жөнелиси бойынша пәрўаз ҳәптесине еки мәрте – сийшемби ҳәм пийшемби күнлери «Боинг-737» самолётында әмелге асырылады.
Бул қарар еки туўысқан ел арасында саўда-экономикалық, бизнес, туризм тараўындағы ҳәм мәдений бирге ислесиўди және де раўажландырыўға хызмет етеди.
ӨзА