Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен семинар өткерилди.

15-март – Дүнья жүзилик Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў күнине бағышланған илажда атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен сәне мүнәсибети менен барлық жоқары оқыў орынларында, улыўма орта билим бериў мектеплеринде халық, әсиресе, жаслар арасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша ҳүжжетлердиң мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириў, пуқаралардың тутыныў мәдениятын ҳәм саўатлылығын  арттырыў, бул бағдардағы билим, түсиниклерин қәлиплестириў бағдарында үгит-нәсият илажларын өткериў режелестирилген.



– Комитетимизге өткен 2022-жылда 874 тутыныўшы мүрәжат етти, -дейди комитеттиң бөлим баслығы Мийрас Сейткамалов. –Тийкарынан мүрәжатлардың 49 проценти тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы төлемлери, 16 проценти байланыс хызмети, 30 проценти саўда-сатық , 2 проценти реклама мүнәсибетлери ҳәм басқа да мәселелерге туўра келеди. Соннан 752 тутыныўшының ҳуқықы тикленип, тутыныўшылардың пайдасына 272 миллион 411 мың сум өндирилди.  Комитетиң арнаўлы комиссиясы тәрепинен  мүрәжатлар бойынша 38 ис қозғатылған болып, соннан 34и тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм 4еўи реклама нызамшылығы талапларының бузылыўы менен байланыслы. Ислер өз мүддетлеринде қарап шығылып, 4 миллионға шамалас қаржыны қайтарыў илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги