Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Ақилбек Жапаров мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде 9-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен ушырасты.
Атап өтилгениндей, еки мәмлекет басшыларының беккем сиясий ерк-ықрары, жеке басламасы, биргеликтеги ҳәрекети себепли көп әсирлик жақсы қоңсышылық ҳәм дослық қатнасықлары сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жылы 26-27-январь күнлери Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ўақтында Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен өткерген сөйлесиўлери, әлбетте, еки тәреплеме қатнасықларда тарийхый ўақыя болды.
Жоқары дәрежедеги сапар шеңберинде ерисилген келисимлер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашып, ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине алып шықты.
Ҳүкимет басшылары басшылығындағы делегациялар ушырасыўында барлық келисим ҳәм қол қойылған ҳүжжетлердиң өз ўақтында ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийилеў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.
Өзбекстан-Қырғызстан қатнасықларында экономикалық бирге ислесиў әҳмийетли бағдар болып есапланады. Ақырғы 6 жылда өз-ара товар алмасыў көлеми 7 есеге өсти ҳәм 2022-жылдың жуўмағына бола, 1,3 миллиард долларды қурады.
Еки мәмлекет басшылары тәрепинен ҳүкиметлерге жақын жылларда өз-ара товар алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Онда саўда-сатық, транспорт-логистика, аўыл хожалығы, энергетика, электротехника, автомобиль қурылысы, тоқымашылық өнимлери, қурылыс материаллары, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да көплеген тараўларда бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Қырғызстан ҳүкимети делегациясы мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде Ташкент қаласындағы бир қатар санаат ҳәм өндирис кәрханаларының жумысы менен де жақыннан танысты.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Аъло АБДУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА