Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда, мәҳәллелер аймақларында саяманлы  ҳәм мийўели терек  нәллерин егиў,  ҳәр бир социаллық объект, мәдений дем алыў орынлары кафе, ресторанлар әтирапларында санитариялық тазалық, абаданластырыў жумысларының барысын қадағалаў бойынша дүзилген республикалық жумысшы топар ағзалары Тахтакөпир районында болып, тийисли тараў басшылары менен мәжилис өткерди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков ҳәм райондағы жумысшы  топар ағзалары шығып сөйлеп,  «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районда исленетуғын жумыслардың барысы көрип шығылып, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин таярлаў ҳәм көгерип шыққан нәллерге агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериў жумысларын өз ўақтында алып барыў зәрүрлиги атап өтилди.
Буннан соң жумысшы топар ағзалары  Дәўир, Айдын жол, Ғәрезсизлик  мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм  А.Адилов аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында болып, улыўма миллий жойбар шеңберинде,  бағ жаратыў мақсетинде белгиленген жер майданы ҳәм нәл егилетуғын орынларды таярлаў ҳәм суўғарыў жумыслары менен танысып шықты.


Танысыў барысында жумысшы топар ағзалары тәрепинен нәл егиў ҳәм әтирапты абаданластырыў бойынша жүргизилип атырған жумысларға  баҳа берилип, ислениўи керек ўазыйпалар туўралы  көрсетпелер берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы