Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында Әдиллик министрлиги, Есап палатасы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте Раўажланыў стратегиясының ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўын системалы мониторинг етип барыў бойынша ўазыйпалар белгиленген.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2023-жылдың 9-10-март күнлери «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жәмийетшилик мониторинги илажлары өткерилди.
Мониторинг даўамында 2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы бағдарламаларда көрсетилген қурылыс объектлери көрип шығылды. Атап айтқанда, 2022-жылда тапсырылыўы режелестирилип, белгиленген мүддетлеринде тапсырылған көп қабатлы жайлар, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери объектлерин пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық қурылыс процесслери бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.
Жәмийетшилик мониторинги даўамында тапсырылған қурылыс объектлери аймақларын абаданластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Тийкарғы мақсет, мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәмийетлик тыңлаўда додалаў сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги