Конституцияға киргизилип атырған усынысқа муўапық, енди Өзбекстанда сайлаў ҳуқықы шекленген шахслардың дизими болмайды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Жаҳонгир Ширинов конституцияға киргизилип атырған айырым өзгерислер ҳаққында түсиник берди.

Оның сөзлерине бола, енди Өзбекстанда сайлаў ҳуқықы шекленген шахслар болмайды, олардың дизими дүзилмейди.

«Тек ғана суд тәрепинен қарым-қатнасқа жарамсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар ислегени ушын судтың ҳүкимине бола еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарары тийкарында айрылыўы мүмкин», деди ол.

Буннан тысқары, мәмлекетлик нышанлар – миллет тымсалы екенинен келип шығып, оларға ҳүрмет сезимин күшейтиў ҳәм оларды қорғаў мақсетинде «мәмлекетлик нышанлар мәмлекет қорғаўында» деген конституциялық норма орнатылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги