Нызамшылыққа бола, шет тиллерден миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе мәмлекетлик басқарыў уйымларының барлық буўынларындағы хызметкерлерге лаўазым мийнет ҳақысына 20 процентке шекем қосымша үстеме бериў тәртиби енгизилген.

Сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериниң кеминде C1 дәрежедеги миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатқа ийе шет тиллер (инглис, француз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, пушту, дари, урду, ҳинд) муғаллимлерине олардың базалық тариф ставкасына ҳәр айлық 50 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеп бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги