«Мәмлекетлик хызметлер жаңалықлары» каналында жазылыўынша, санаторийлерде емлениў ушын жолланбалар бир қатар шахслар категориясына бийпул бериледи.

Олар төмендегилер:

– урыс майыпларына ҳәм қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслар;

– қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң жаңадан некеден өтпеген жалғыз баслы ҳаяллары (жалғыз баслы өмирлик жолдаслары);

– республикалық әҳмийетке ийе жеке пенсия алатуғын шахслар;

– Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетинде нурланыў кеселлигине шатылған ҳәм оны басынан өткерген шахслар, сондай-ақ, Чернобыль АЭС апатшылығы себепли майып болып қалған шахслар;

– ядро полигонлары ҳәм басқа да радиация-ядро объектлеринде әскерий хызметти өтеген пенсия жасындағы шахслар;

– I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, көзи әззи I топар майыбын бақлап баратуғын шахс;

– басқалардың тәрбиясына мүтәж болған жалғыз кекселер;

– жасқа байланыслы пенсия алатуғынлар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги