Ески үлгидеги барлық миллий айдаўшылық гүўалықлары ҳәм автомототранспорт дизиминен өткерилгени ҳаққындағы гүўалықларды мәжбүрий алмастырыў мүддети төмендегише:
2010-жылға шекемги дәўирде берилгенлери – 2023-жыл 31-мартқа шекем;
2010-2012-жылларда берилгенлери – 2023-жыл 30-июньға шекем;
2013-2015-жылларда берилгенлери – 2023-жыл 30-сентябрьге шекем;
2015-жылдан кейин берилгенлери – 2023-жыл 31-декабрьге шекем.
Жоқарыдағы мүддетлерге шекем алмастырылмаған гүўалықлар ҳақыйқый емес деп есапланады.
Айдаўшылық гүўалығын алмастырыў мүддети жетип келиўин күтпей, алдыннан ҳәрекет етиў усыныс етиледи.
ӨзА