Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Жәҳән банкиниң вице-президенти Анна Бьерде басшылығындағы делегецияны қабыллады.

Өзбекстанның Жәҳән банки менен бирге ислесиўи стратегиялық шериклик тийкарында раўажланып бармақта. Банктиң жәрдеми менен энергетика, ирригация ҳәм коммуналлық тармақларды модернизациялаў, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бағдарларында бир қатар жойбарлар әмелге асырылды.

Сөйлесиў ўақтында бирге ислесиўдиң әмелий тәреплерине итибар қаратылып, оның перспективалары ҳаққында пикир алысылды. Атап айтқанда, мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў бағдарламасын әмелге асырыў, арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламент, ҳүкимет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ролин күшейтиў, сондай-ақ, гендер теңлик тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.

Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўлардағы жойбарларды әмелге асырыўда сырт ел компанияларын тартыў бағдарында Жәҳән банкиниң қатнасы додаланды.

Анна Бьерде елимиздеги реформалардың табысын жоқары баҳалап, Өзбекстанда экономикалық жаңаланыўлар социаллық реформалар менен үнлес түрде алып барылып атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, социаллық инклюзивлик ҳәм социаллық теңлик қатнаслары тийкарында мәмлекеттиң айрықша стратегиялық мақсетлери белгиленгенин атап өтти. Жәҳән банки буннан кейин де Өзбекстан менен бирге ислесиўди және де кеңейтиўге умтылатуғынын айтып өтти.

ӨзА