Пүткил қытай халық ўәкиллери кеңеси депутатлары бир аўыздан Си Цзиньпинди үшинши бес жыллық мүддетке Қытай Халық Республикасы Баслығы лаўазымына қайта сайлады.
Мәмлекет басшысын сайлаўы 10-март, жума күни жалпы мәжилисте жасырын даўыс бериў жолы менен болып өтти.
Сондай-ақ, ол мәмлекеттиң барлық қураллы күшлерине басшылық ҳәм ҳәм бирден-бир сәркардалықты тәмийинлеўши Қытай Орайлық Әскерий Кеңеси басшысы лаўазымына қайта сайланды.
Си Цзиньпин биринши мәрте 2013-жылы март айында Қытай Халық Республикасының Баслығы етип, 2018-жылы март айында болса екинши бес жыллық мүддетке қайта сайланған еди.
Си Цзиньпин быйыл 70 жасқа толады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги