Пән-техника раўажланыўы информацион технологиялырының әдеўир дәрежеде раўажланыўын тезлестирип жиберди. Өмиримизге бирден кирип келген глобалласыў өз артынан айрым унамсыз ақыбетлерди келтирип шығармақта. Қыйын бир дәўирде ғалабалық қураллар өзиниң унамсыз ақыбетлерин көрсетпекте. Бүгинги глобалласыў дәўиринде жаслар мәнаўиятты асыраў, жас әўлаттың қәлби ҳәм аңы түрли зыянлы идеялар тәсиринен сақлаў ҳәмде идеологиялық иммунитетин беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

Әлбетте, жасларды бузғыншы идеялар тәсирине алыўды шықырыўшы күшлер жүдә көп. Әттең, сырт еллерде бундай ҳәрекетлерди финанс тәрепинен жәрдем көрсетип атырған аз емес. Сол себептен жасларды жаман көзлерден асыраў, олардың бузық идеялары менен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәр дайым итибарда болыўы керек.

Жаслар – ана Ўатан келешегин шешиўши күш екенин биринши нәўбетте бар өзлери жүректен сезип, илим алыўы керек. Ҳәр бир перзент эътиқады таза болыўы ушын ақыл-санасын ислетиўи зәрүр. Буның ушын жаслар ақты қарадан, туўры жолды натуўры жолдан ажырата алыўы лазым.

Сондай екен, жаслар ҳәр дайым сергек болып, түрли идеяларға қарсы турып ҳәм туўры жолдан жүриўи зәрур. Сол себептен, төмендеги көрсетпелерге айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық болады:

Бириншиден, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде бузғыншы кимселер интернет арқалы дүняның бир шетинде турып, басқа бир шетиндеги жасларға өз идеясын сиңдириўге ҳәрекет қылмақта ҳәм айрым жаслар бундай тузақларға илинбекте. Мәселен, ИШИМ қысқа мүддетте 80 нен зыят мәмлекеттен келген мыңлаған кимселерди өз қатарына аўдара алды.

Екиншиден, динди нықап қылған бузғыншы күшлер «халифалық» яки «ислам мәмлекети»н қурыў сыяқлы идеяларды интернет арқалы пүткил дүняға кең тарқатпақта. «Араб бәҳари» ўақыялары да усындай жол менен шөлкемлестирилгени ҳәммеге мәлим. Олар урыс майданындағы өте тәсирли көринислерди интернетке жайластырып, тәрептарларын көбейтпекте. Соның ушын пүткил дүня ислам уламалары көз қарасында бундай идеяларға ергесиў натуўры екенин жаслар түсинип жетиўи керек.

Үшиншиден, бундай бузғыншылықтың артына терең көз бенен қараў керек. Жаўынгерлер ҳәм олардың баслықларын ойнатып атырған үшинши қол перде артында ҳәрекет қылмақта. Еки тәрепти қарамақарсылық, даў-жәнжелге таслап, бундай усталық пенен бузғыншы мақсети жолында пайдаланып атырған үшинши қол ҳаққында бир неше жыл алдын биринши президентимиз И. Каримов: «Бундай нәзик жағдайларда үшинши қолдың ҳийлекер, жасырын ҳәрекетлерин умытпайық! Олардың дигирманына суў қуймайық», – деп сергекликке шақырған еди.

Имам Бухарий, Имам Мотуридий сыяқлы үлкен бабаларымыз жасаған дәўирде шам жақтысы жәрдеминде дүня мәдениятына өшпес из қалдырған шығармалар жаратылған. Бүгинги жаслар болса, информацион технологияларының ең соңғы түринен пайдаланыў мүмкин болған дәўирде жасамақта. Сондай екен, жаслардаың интернеттен туўры жолда пайдаланыўын тәмийнлеў дәўир талабы болып есапланады.

Шамуродов Ағабек,

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний Орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы.