Балалар тәрбиясы ата-аналардың ең жуўапкершиликли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлериниң бири есапланады.

Инсанға жүкленген айырым миннетлер қандай да бир ўазыйпаны орынлаў менен таўсылса, перзент тәрбиясы даўамлы ис. Негизинде, ата-ананың усы перзентти бергени ушын аллаға шүкиршилиги олардың өз перзентин тәрбиялаўдай үлкен исти мойынларына алып, оны жуўапкершиликлик пенен  атқарыўы арқалы болады.

Тәрбияның бир бөлеги балаға жақсы әдеп үйретиў болып есапланады. Әдеп бул – мақтаўға ылайықлы сөз айтыў ҳәм әмеллерди ислеў, уллы минез-қулықларды ийелеў, өзинен үлкенлерди ҳүрмет етип, кишилерге иззет көрсетиў, ҳ.т.б. Усы ҳәм оған уқсас тәриплер гөзленген әдепке сыпатлама бола алады. Тәрбия ҳәм әдеп мәселесинде, ата-аналар биринши гезекте өзлери балаларына өрнек болыўы керек. Ата-аналар балаларына ҳәмме жақсы тәреплерин көрсетип, жаман әдетлерден узақта болыўы керек. Себеби, ата-ананың перзентлерине беретуғын нәрселериниң ишиндеги ең қымбатлысы да, зәрүри де әдепдур. Перзент әтирапта болып атырған ўақыя-ҳәдийселерге, өзгерислерге қатнаслылық руўхында тәрбияланыўы тийис.

Ҳәдиси шәрийфте; «Перзентлериңизди ҳүрметлең ҳәм олардың әдебин гөззал қылың», – дедилер», деп айтылған.

Перзент ата-анасы алдындағы аманат болып, оның қәлби гәўҳардай таза болады. Ол ҳәр қандай нағысты қабыл етеди. Егер ол жақсылыққа үйретилсе, жақсы болып өседи. Саўабы ата-анасына ҳәм тәрбияшыларына тийеди.

Ата-ана баланы кишкенелигинен бақлап барыўы керек. Балада пайда болатуғын жаман иллетлердиң бириншиси – аўқатқа өшлик. Сонлықтан да, ата-ана балаға аўқатланыў әдебинен тәлим бериўи лазым. Бийҳуўда нәрселерден баланы сақлап, ата-бабаларымыздан даўам етип киятырған миллий әдеп-икрамлылық сабақларын бериўи керек. Баланың бир жаман ис ислегени сезип қалынса, оның айыбын ҳәммениң алдында әшкара етпей, әке тәрептен жазаланыўы, адамлар билип қалса уят болады, дегендей гәплер менен түсиндирилиўи керек. Бирақ, жаза көбейип кетпеўи зәрүр. Себеби, бул баланың бети қатып кетиўине алып келеди. Әке баланың алдында өзиниң әкелик дәрежесин сақлап турыўы, ал анасы баласын әкеси менен ескертип турыўы керек. Күнниң күндизги ўақытларында баланы биймезгил уйқылаўға әдетлендирмеў лазым. Бунда ол ериншекликке үйренип қалыўы мүмкин.

Тәрбияның екинши бөлими бул балаға билим бериў болып есапланады. Илим – бир нәрсени ҳақыйқатта қандай болса, исеним менен сондай түсиниў. Илим үйрениў ҳәр бир адам ушын парыз. Демек, ҳәр бир адам илим талап етиўди өзи ушын парыз, деп билиўи керек. Илим бесиктен қәбирге шекем талап етиледи.

Тәрбияның үшиншиси бул дене шынығыўы. Ҳәзирги күнде саламатлықты сақлаў, кеселликке шатылмаў ушын, дене тәрбиясы қаншелли әҳмийетли екенин ҳәмме түсинип жетти. Үлкен-киши илажы барынша дене тәрбия шынығыўларын ислеўге ҳәрекет етеди. Ҳәмме де перзентиниң күшли, епшил, саламат ҳәм кеселликлерге шыдамлы болғанын қәлейди. Сонлықтан, перзентлериниң дене тәрбиясы менен айрықша шуғылланыў керек. Соның ушын да, ата-аналарға балаларының дене тәрбиясына айрықша итибар бериў ўазыйпасы жүкленген.  Жаслық дәўири инсан ушын берилген иләҳий жемислердиң бири болып, инсан оған шүкирлик етиўи зәрүр есапланады. Ал, ҳәр бир жемистиң шүкирлиги жемис бериўши Затқа мақтаў сөзлерин тил менен айтып, қәлби менен тастыйықлаў болып табылады.

Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларынан ең қәўиплиси нәпси бәлеси есапланады. Ол жасларды – жигитлерди қызлар менен, қызларды жигитлер менен напәк байланыслар орнатыўға, соның менен бирге, шегиў, ишиўшилик, нәшебентлик сыяқлы иллетлерге жетелейтуғын жолларға баслайды. Сондай-ақ, жасларды қумарпаз, бузық ҳәм тегин тамақ болыўға шақырады. Демек, жаслар шайтанның усындай «нәпсибәлеси»нен абайлы болыўы керек.

Жасларды жолдан адастыратуғын шайтан малайларының және бири жаман дослар есапланады. Жасларымыз өзлерине дос таңлаўда жүдә абайлы болыўы, ойлап ис алып барыўы керек. Олар билип-билмей бузық адамлар менен досласып қалмасын. Жаман достың кесири тийетуғыны турған гәп.

Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларының және бири бузық жолларға шақырыўшы динлер, жат ағым ҳәм топарлар есапланады. Ҳәзирги күнлери шайтанның бул түрдеги малайлары да жүдә көбейген. Олар түрли мәмлекетлер, үлкелер ҳәм журтларға ҳәр тәрептен, ҳәр қыйлы жылтырақ атамалар ҳәм шақырықлар менен кирип келмекте. Айырым сада жаслар олардың торына түсип қалып, өзлериниң, ата-аналары, шаңарақ ағзалары, ағайин-туўғанлары ҳәм жақынларының жүзин төмен қаратыўға себепши болмақта. Бундай жаўыз күшлерден жасларымыз ҳәр демде абайлы болыўы, өзлигин, миллетин умытпаўы керек.

 

Икромхон Баҳодирхонов,

Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

3-курс талабасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги