8-март халық аралық Ҳаял-қызлар байрамы алдынан Нөкис қаласындағы Гөне қала мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Г.Утемуратова Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызметиниң баслығы полковник Б.Бердиалиев тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.
Елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў жолындағы пидәкерлик хызмети, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың профилактикасын әмелге асырыўда бирге ислескенлиги ушын өткен жылдың жуўмағы бойынша бир қатар профилактика инспекторлары менен пуқаралар жыйынларының хызметкерлери хошаметленди.
-Буған ерисиўимиздиң тийкарғы себеби, аймақ турғынлары, әсиресе жаслар арасында профилактикалық илажлар өз ўақтында өткерилип, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша алып барылған кең көлемдеги үгит-нәсият жумысларының нәтийжеси болып табылады,-дейди мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гүлинар Утемуратова.-Бул бағдарда ҳәким жәрдемшиси, аймағымызға бириктирилген профилактика инспекторы, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси менен биргеликте жумыс алып барыўымыз өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Әсиресе, жынаят ислеўге бейим болған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жас шаңарақлар арасында ҳәр қандай келиспеўшиликлердиң алдын алыў, аймағымыздың тазалығын сақлаўда өмир жолы көпшиликке өрнек аталарымыз бенен аналарымызды үлги сыпатында көрсетип, жынаятлардың ҳәм шаңарақлық ажырасыўлардың қандай унамсыз ақыбетлерге алып келиўин түсиндирген ҳалда жумыс алып барып атырмыз. Соның нәтийжесинде аймағымыз өткен жылдың жуўмағы ҳәм быйылғы жылдың өткен айларында “жасыл” категорияға киргизилген. Алдағы ўақытлары да жынаятшылықтың ерте алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың профилактикасын әмелге асырыўда бирге ислесиўди жақсы жолға қоямыз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы