Пуқаралардың муқаддес зыярат орынларына болған талапларын толық қанаатландырыў мақсетинде Жәмийетлик кеңестиң қарары тийкарында Ҳаж ҳәм Умра сапарларын шөлкемлестириў жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, Умра сапарына баратуғын зыяратшылардың санын белгилеў бойынша квота алып тасланып, нәтийжеде республикамыздың айырым аймақларында гезекке турыўлар сапластырылып, айырымларында гезеклердиң сезилерли дәрежеде азайыўына ерисилди. Усындай имканиятлардан дурыс пайдаланып, Умра сапарына жоллама алған бир қатар зыяратшылар 8-март күни муқаддес дәргайға жол алды.

– Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы күни биринши мәрте Умра зыяратына жол алдым, -дейди қараөзекли Роза Жуматова. – Зыяратымыз даўамында елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абаданлығын сораймыз.

Жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелердиң бирге ислесиўинде пуқаралар ушын Ҳаж ҳәм Умра зыяратлары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип келинбекте. Бул рет те зыяратшылар барлық қолайлықлардан пайдаланған ҳалда  Умра әмеллерин орынламақта.

– Умра зыяратына атланып атырғанымнан қуўанышым шексиз, -дейди Нөкис қаласынан Зийнегүл Қазақбаева. – Усындай имканияттты жаратып берген Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз. Сапарымыз сәтли болып, зыяратшылар ийгиликли мақсетлерине, муқаддес зыярат орынларына аман-есен жетип алсын.

Қарақалпақстан хабар агентлиги