Бүгинги күни халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў республикамыздағы ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады. Сонлықтан соңғы жыллары елимизде бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтатуғын болсақ, соңғы өткен 3 жыл ишинде Тақыятас районының өзинде 40 км ден аслам аралыққа ишимлик суў тармақлары жаңадан тартылып, реконструкция жумыслары жүргизилди.

Мағлыўматларға қарағанда, 2020-жылы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйыны аймағына 7,5 км узынлықтағы суў тармақлары жаңадан тартылған болса, 2021-жылы «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жойбардағы көшелерге 3,17 км, Нурлы келешек мәкан пуқаралар жыйынына қараслы Шор аўыл елатына 6,82 км, Жайҳун МПЖ аймағындағы Әлим аўыл, Найман АПЖ аймағындағы Ханжап елатлы пунктлерине 3,13 км узынлықтағы суў тармақлары жаңадан тартылған.

Сондай-ақ, Найман аўыл пуқаралар жыйынына қараслы Найманкөл станциясы аймағындағы 7,45 узынлықтағы суў тармақларына реконструкция жумыслары, Сарайкөл АПЖ дағы Филлан ой, Кенегес АПЖ дағы Аталық елатлы пунктлерине суўды душшыландырыўшы үскенелер қурып берилген.

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақкында»ғы 408-санлы қарары тийкарында, Тақыятас ҳәм Шамшырақ мәкан пуқаралар жыйынлары  аймағындағы 8,5  км узынлықтағы ишимлик суў тармақларын реконструкциялаў белгиленген,-дейди Қарақалпақ суў тәмийнат жәмийетиниң Тақыятас районындағы бөлими бас инженери Русалим Рустамов.-Бүгинги күнге келип Шамшырақ мәкан пуқаралар жыйынындағы жумыслар жуўмақланып, Тақыятас МПЖ аймағындағы суў тармақларына реконструкция ислери әмелге асырылмақта.

Бул жумысларды өз мүддетинде жуўмақлаў ушын бизде барлық мүмкиншилик ҳәм имканият бар. Жәмийетимиз қурылыс-оңлаў ислери ушын зәрүр болған заманагөй техника ҳәм қәнигелерге ийе. Ҳәзирги күнлери олар ўақыт пенен санаспастан пидайылық пенен жумыс ислемекте.



Халқымызда «Суў әкелген елде әзиз»,-деген даналық сөз бар. Сол айтқанындай, район халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын аянбастан мийнет етип атырған суў тәмийнаты тараўы хызметкерлерине бүгинги күни қанша алғыс айтсаң да арзыйды.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы