Жойбар шеңберинде Хожели районының Қулаб аўыл пуқаралар жыйыны аймағында мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Елимизде Президентимиздиң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көклемзарластырыў илажларын жеделлестириў, тереклердиң қорғалыўын және де нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында  «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарының әмелге асырылыўында нураныйларымыз да қатнаспақта.

– Бул ийгиликли басламаны ҳәр бир шаңарақ өзине үлги етип алыўы керек, -дейди нураный Е.Сапаров. – Районымыз турғынлары өзлериниң қәлеўи менен қатарымызға қосылып, елимиздиң абаданлығы жолында мийнет етпекте. Усы арқалы тәбиятта жасыллықты көбейтиўге, ҳаўа райының тазалығына, климаттың теңсалмақлылығын сақлаўға, бағшылық өнимлериниң молшылығын тәмийинлеўге үлес қосып атырғанын шын кеўилден түсинип жетпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги