Халқымызда бөбек жаңа дүньяға келгенде оған жақсы нийетлер менен ел сүйип, ардақлайтуғын инсанлардың атын қойыў дәстүри бар. Сол айтқанындай быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында”ғы қарары тийкарында жоқары сыйлыққа миясар болып атырған қараөзекли Ҳүрлиман Нийетбаеваға да усындай ийгиликли нийетлер менен уллы шайырымыз Бердақ бабамыздың бақсы қызы Ҳүрлиманның аты қойылған еди.

Ата-анасы ҳәм жасы үлкенлердиң бул тилеклери қабыл болып, Ҳүрлиман кишкенелигинен көркем өнерге қызығып өсти. 11 жасында Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық ҳәм сазендешилик бөлимине оқыўға барып, ол жерде устазы Амангүл Бекбосынованың қолында бақсышылықтан дәслепки сабақларды ала баслайды.

-Ҳүрлиман өзиниң айрықша зийреклиги, тез уғып алыў қәсийети басқалардан айрықшаланып туратуғын еди,-деп сол жылларды еске алады лауреаттың биринши устазы Амангүл Бекбосынова.-Усындай айрықша талантының арқасында ол оқыўшылық дәўиринде бир қанша таңлаўларға қатнасып, оларда сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Оған бес жыл даўамында тәлим-тәрбия бергеннен соң, оның бақсышылық бойынша ийелеген билимин еле де жетилистириў мақсетинде, Ҳүрлиманды өзимниң устазым, республикамызға белгили бақсы “Дўстлик” ордениниң ийеси Оралбай Отамбетовтың қолына шәкирт сыпатында тапсырдым.

2017-жылы Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң  миллий музыка бөлимине оқыўға түскен Ҳүрлиман бул оқыў дәргайында Оралбай Отамбетов пенен бирге елимизге белгили көркем өнер шеберлеринен тәлим-тәрбия алды.

-Ҳүрлиман өзиниң мийнеткешлиги ҳәм умтылыўшаңлығы менен басқалардан өзгешеленип туратуғын еди,-дейди оның устазы Оралбай Отамбетов.-Оқыўдан дем алыс күнлери де Хожелиге келип, меннен дәстан атқарыў ҳәм саз өнери бойынша сабақларды еринбестен үйренетуғын еди. Бул мениң Зульфия сыйлығын алған екинши шәкиртим болып табылады. Буннан алдын Динара Нуратдинова деген шәкиртим усы жоқары сыйлыққа миясар болған еди. Мен Ҳүрлиман шәкиртимди ерискен бул табысы менен шын жүректен қутлықлайман ҳәм еле де өз үстинде жумыс ислеп, ел сүйген бақсы қыз болыўына тилеклеспен.

Колледжде оқыў дәўиринде бақсышлықтың әлўан сырларын үйренген Ҳүрлиман  өз билимин жоқарылатыў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң вокал өнери қәнигелиги бойынша оқыўға кириўге ериседи.

Университетте оқыў дәўиринде де өзиниң талапшаңлығы ҳәм таланты менен устазлары нәзерине түскен ол 2020-жылы Қазақстан Республикасының Алмата қаласында болып өткен халықаралық “Гран Премиюм” , 2021-жылы  Россияның Санкт-Петербург қаласында өткерилген “Vivo vokal” таңлаўларында, Москва қаласында болып өткен “Art music festival” фестивалында 1-орынды, 2022-жылы Россияның Ростов қаласында өткерилген халықаралық таңлаўда 2-орынды ийелеўге миясар болады. Сондай-ақ, ол республикамызда бақсы ҳәм жыраўлар арасында өткерилген бир қатар таңлаўларға да қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болады.

-Ҳүрлиман ҳәзир “Ҳүрлиқа-Ҳамра” дәстанын ядламақта дейди,-университеттеги устазы Өзбекстан халық бақсысы Теңел Қаллиев.-Келешекте Ҳүрлиманның жақсы бақсы болып жетилисиўине беккем исенемен ҳәм оны ерискен табысы менен қутлықлайман.

Ҳүрлиман бақсышылық пенен бирге, рус, инглис тиллерин үйрениўге, аспазлыққа,  миллий кийимлер тигиўге де қызығады.

-Әкем Аманбай фармацевт болып ислейтуғын еди,-дейди Ҳүрлиман.-Бахытсыз ҳәдийсе себепли өмирден ерте кетип қалды. Сонлықтан бизлердиң тәрбиямыз бенен анам шуғылланды. Мен ата-анамның маған билдириген исенимин ақлаў мақсетинде, көп мийнет иследим. Билмегенлеримди устазларымнан үйрендим. Пурсаттан пайдаланып, мени усы дәрежеге жеткериўге үлкен мийнет сиңирген ата-анама, устазларыма , университет ректоратына өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары да маған билдирилген бул жоқары исенимди ақлаўға ҳәрекет етемен.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.