Бәҳәр келип жердиң қызыўы артқан сайын, оны егиске таярлаў ҳәм егис жумыслары жеделлеседи. Себеби, көпшилик егинлерди өз ўақтында егип үлгериў керек болады. Республикамыздағы егислик майданлардың барлығы суўғарылатуғын жерлер екенлигин есапқа алсақ, онда ирригация ҳәм мелиорация тармақларының белгиленген талапларға жуўап бериўи үлкен әҳмийетке ийе.

Ирригация ҳәм мелиорация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша өткен жыл даўамында қандай илажлар әмелге асырылды ҳәм быйылғы режелер нелерден ибарат?

– Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылға орайласқан дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғын мелиоративлик объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 12 объектте жәми 37 миллиард 895 миллион сумлық қаржы есабынан 91,6 километр узынлықтағы коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилген еди,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын шөлкемлестириў секторының баслығы Айдос Махаматдинов. – Соннан, жылдан-жылға өтиўши 1,1 километрлик 1 объектте 5 миллиард 643,5 миллион сумлық ҳәм жаңадан басланатуғын, жәми узынлығы 90,5 километрлик 11 объектте 32 миллиард 251,4 миллион сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы режелестирилди.

Әмелде 91,6 километрлик коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды ҳәм оған 39 миллиард 754 миллион сум муғдарында қаржы жумсалды.

2022-жылы жәми 1109,7 километрлик узынлыққа ийе 16 мелиорациялық объектте, коллектор тармақларында 40,3 миллиард сумлық қаржы есабынан оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыў режелестирилди. Бул объектлердиң барлығы жаңадан басланатуғын объектлер болып есапланады.

Әмелде 1109,7 километрлик узынлықтағы коллектор тармақларында толық түрде 42 миллиард 169,1 миллион сумлық оңлаў-тиклеў жумыслары алып барылды. Реже 105 процентке артығы менен орынланып, 24,3 мың гектар жердиң мелиоративлик жағдайының жақсыланыўына ерисилди.

Сондай-ақ, өткен жылы 20 объектте, баҳасы 68 миллиард 527,4 миллион сумлық, жәми узынлығы 75,6 километрлик каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилген еди. Усы жумыслардың жылдан-жылға өтиўши бөлегин узынлығы 47,8 километр болған 13 объект ҳәм жаңадан басланатуғын, узынлығы 26,8 километр болған 7 объект қурайды. Бул жумыслар да толық орынланып, 25 мың гектар жер майданының суў менен тәмийинлениўи жақсыланды.

2023-жылы 13 ирригациялық объектте 76 миллиард 421,9 миллион сумлық, жәми узынлығы 75 километрлик каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. Булардың барлығы жылдан-жылға өтиўши объектлер болып есапланады.

Ал, быйылғы жылы мелиоративлик объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша, жәми узынлығы 39,1 километрлик 8 объектте ҳәм бир көпирде 36 миллиард 363,4 миллион сум қаржы есабынан коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.  Соннан, жылдан-жылға өтиўши, жәми узынлығы 3,2 километрлик 1 объектте 12 миллиард 809,4 миллион сумлық ҳәм жаңадан басланатуғын, жәми узынлығы 36,1 километрлик 7 объектте 23 миллиард 554 миллион сумлық жумыслар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, быйыл мелиоративлик объектлерде оңлаў-тиклеў жумыслары бойынша 15 объектте ҳәм 262 мелиоратив бақлаў қудықларына “DIVER” қурылмасын орнатыў, жәми 944 километр узынлықтағы 45,1 миллиард сумлық коллектор тармақларын оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары режелестирилди.

Бул илажлардың барлығы суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын, егислик майданлардың суў менен тәмийинлениўин жақсылаў мақсетинде алып барылмақта.

         Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги