Ақмаңғыт посёлкасында жайласқан Руўхыйлық орайында Республика руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлиминиң шөлкемлестириўинде  «8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы» мүнәсибети менен «Өмиримиз гүли ҳаял-қызлар» атамасында саз-сәўбетли байрам кешеси болып өтти.

Оған райондағы мектеплерде ислеўши муғаллим-устазлар, мәдений дөретиўшилик мәселер бойынша үгит-нәсиятшылар қатнасты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, нураный устазлардан Б.Төребаев ҳәм К. Пахратдиновлар шығып сөйлеп, район ҳаял-қызларын 8-март байрамы менен қызғын  қутлықлап, олардың жумысларына табыслар тиледи.



Ал, шайыр Р.Отарбаев болса, ҳаял-қызлар байрамына арнап жазған өзиниң жаңа қосықларынан оқып берди.

Илажда  руўхый-ағартыўшылық саласында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызларға байрам саўғалары тапсырылды.




Кеше халықаралық байрамғa бағышланып таярланған  концерт бағдарламасы менен заўықлы даўам етти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы