Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими, Халық билимлендириў бөлими ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң шөлкемлестириўи менен улыўма билим бериў мектеплериниң  арасында «Жас қутқарыўшы» жарысының районлық басқышы болып өтти.

Оған аймақта жайласқан мектеплерден дүзилген командалар қатнасып, белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести.

Жарыста командалар айрықша жағдайлар жүз бергенде қутқарыў жумысларында дурыс ҳәрекет етиўге үйретиў, жәбирленгенлерге биринши жәрдем көрсетиў ҳәм шаққанлық бойынша өзлериниң шеберликлерин көрсетти.


Жарыс жуўмағында 1-орынды 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы ийелеўге миясар болған болса, 2-3-орынлар 7 ҳәм 4-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң  командаларына несип етти.




Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланып, 5-санлы мектеп командасы «Жас қутқарыўшы» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы