Нөкис транспорт техникумында усы атамада ушырасыў кешеси өткерилди.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жынайый ҳәм пуқаралық ҳуқықый пәнлер» кафедрасы баслығы, доцент М.Нәжимов ҳәм бир қатар профессор-оқытыўшылары баянат жасап, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырып атырғанлығын атап өтти. Илаж қатнасыўшыларының ҳуқықый санасын арттырыў мақсетинде баянатшылар усы бағдардағы Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли бөлимлери бойынша түсиник берип өтти. Жынаят кодексиниң «Коррупцияға байланыслы жынаятлар»ды нәзерде тутатуғын 20 ға шамалас статьялары бойынша түсиник берилди.
-Ҳәзирги заманның миллий ҳәм халықаралық ҳуқықларында көп қолланылып киятырған атамалардан бири коррупция болмақта, -дейди кафедраның ассистент оқытыўшы Қ.Илиясов. – Коррупция бүгин пайда болған иллет емес. Ол бурыннан бар еди. Сондай-ақ, бул иллетке қарсы гүресиў мәселелери тек Өзбекстан емес, ал, пүткил дүнья еллери ушын тийисли болып табылады.
Илажда техникум оқытыўшылары ҳәм оқыўшыларының усы тема шеңбериндеги сораўларына жуўап берилди. Сондай-ақ, коррупцияның аянышлы ақыбетлери сәўлеленген видеоролик қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги