Мийнет сүйгиш, пидайы апа-сиңлилеримизди қаншелли қәдирлесек аз. Олар – турмысымыздың көрки, жәмийеттиң сүйениши ҳәм исеними. Қәдирли аналарымыз саламат ҳәм бәркамал әўладтың тәрбияшылары болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында болып өткен «Мўътабар аёл» көкирек белгисин тапсырыў мәресиминде усылар ҳаққында сөз болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы менен 2019-жылы шөлкемлестирилген «Мўътабар аёл» көкирек белгиси жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм интакерлик көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналық ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан апа-сиңлилеримизди сыйлықлаўда, оларды жаңа шыңларға ийтермелеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта бул сыйлық саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, орынларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты жақсылаў ҳәм миллий қәдириятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша ибратлы жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларға тапсырылмақта.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Беҳзод Мусаев, усы министрлик жанындағы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибоева ҳаял-қызларды қәдирлеў бойынша мәмлекетимизде системалы жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен енгизилген «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәр қыйлы социаллық машқалаларды өз ўақтында шешиўде, ҳаял-қызларды ойландырып атырған мәселелерге кең жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Усы жылы «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықлаў ушын Республикалық комиссияға 900 ға шамалас ҳүжжетлер келип түсти. Комиссия ағзалары тәрепинен бул көкирек белгисине мүнәсип деп табылған талабанлардың 71 и министрлик ҳәм уйымлар усынысы тийкарында, 243 ы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласынан усыныс етилген.
Усы жылы бул көкирек белгиси менен ҳәр қыйлы тараўларда жетекши, жигерли, пидайы уллы ҳаял-қызлардан 314 и сыйлықланды. Олардың қатарында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң мәлимлеме узатыў хызметиниң жетекши хабар узатыўшысы Гулмира Абдурасулованың да бар екенлиги дыққатқа ылайық.
Көкирек белгиси менен сыйлықланғанларға ең аз айлық мийнет ҳақының 4 есеси муғдарында биротала төленетуғын ақшалай сыйлық тапсырылды. Салтанатлы илажда шығып сөйлегенлер көрсетилип атырған итибар ҳәм ҳүрмет ушын мәмлекетимиз басшысына миннентдаршылық билдирди.
Н.Усмонова,
ӨзАның хабаршысы