ТҮРКСАЙ шөлкеминиң басламасы менен Түрк дүньясы Жазыўшылар аўқамы дүзилди.
Бүгин бул бойынша Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Түркменстан Жазыўшылар аўқамының баслықлары аўқамды шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.
Түрк дүньясында биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған аўқам басшылығына Қазақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Улуғбек Есдаулеттиң кандидатурасы мақулланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги