Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен журналист ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, дөретиўшилик потенциалын көрсетиўге жәрдемлесиў мақсетинде жәрияланған «Әтиргүл» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж өткерилди.

Илажға Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Холмурод Салимов, Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги – ӨзАның бас директоры Абдусаид Кўчимов ҳәм басқалар мәмлекетимизде турмыстың барлық тараўларында жемисли мийнет етип атырған ҳаял-қызларды белсене қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың жәмийеттеги роли, орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Бул бойынша Өзбекстан Журналистлер аўқамы да бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта. Ҳаял журналистлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге байланыслы «Әтиргүл» дөретиўшилик таңлаўы оның айқын үлгиси болып есапланады.

Ҳәзирги күнде журналист ҳаял-қызлар жәмийеттиң социаллық турмысында айрықша белсендилик көрсетпекте. Олар тәрепинен жарытылып атырған темалар кең жәмийетшиликтиң дыққатын тартпақта, ҳәр қыйлы машқалалардың шешим табыўында айрықша орын ийелемекте.



















Быйыл «Әтиргүл-2023» таңлаўына 149 қатнасыўшыдан 800 ден аслам дөретиўшилик жумыс келип түсти. Соның ишинде, баспа басылымлары бойынша 59, телевидение бойынша 37, радиожурналистлерден 15, интернет журналистика бағдарында 25, мәлимлеме хызмети хызметкерлеринен 13 талабанның дөретиўшилик жумысы келип түсти.

Олардан жәми 10 ы ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпаз болды. «Инсанға итибар темасы жарытылған ең жақсы материал ушын», «Сапалы биимлендириўдиң әҳмийетин ашып берген ең жақсы материал ушын», «Руўхыйлық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен сәўлелендиргени ушын», «Инсан қәдирин улығлаўға бағышланған ең жақсы материал ушын» сыяқлы номинациялар солардың қатарына киреди.

Итибарлы тәрепи, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң хабаршысы Шаҳноза Маматуропова бул таңлаўда «Инсанға итибар темасы жарытылған ең жақсы материал ушын» номинациясында жеңимпаз болды.

Илажда жеңимпазларға статуэтка, диплом-плакетка, саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

Назокат Усмонова,  

Носиржон Ҳайдаров (сүўретлер)