Усы жыл 6-11-март күнлери аралығында «Өзбекстанда балалардың билим алыўы ҳәм аўқатланыўы MakGovern-Doul халықаралық бағдарламасы» шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педаголары ушын семинар-тренинг өткерилмекте, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети.

«Mercy Corps» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, АҚШ Аўыл хожалығы министрлиги (USDA) Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте өткерилип атырған илаж республикамыздың Нөкис, Хожели ҳәм Тақыятас районларындағы 48 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қамтып алмақта.




«Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасындағы оқытыў, ерте саўатлылық, рационал аўқатланыў, гигиена көнликпелери ҳәм саламат турмыс тәризи компетенциясына тийкарланған қатнасты енгизиў» темасындағы бул семинарды өткериўден мақсет – мектепке шекемги жастағы балалардың сөйлеў, байланыс орнатыў, оқыў ҳәм жазыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша педагогикалық методикаларды, бала шахсына бағдарланған дифференциялық жақтан тәлим-тәрбия бериў, балалардың рационал аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи бойынша көнликпелерин арттырыў, биринши жәрдем көрсетиў бойынша педагоглардың теориялық ҳәм әмелий компетенцияларын арттырыў болып табылады.

«Балалардың билим алыўы ҳәм аўқатланыўы ушын MakGovern-Doul халықаралық бағдарламасы» Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде әмелге асырылып атырған болып, онда шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жақсылаў, мийирбийке ҳәм аспазлардың маманлығын артырыў бойынша да бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги