Ҳүкимет бийлигине (91-б, 04.03.2023-ж.) тийкарланып Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип белгилеў ҳәм мүбәрек Рамазан айын күтип алыўға таярлық көриў, мәҳәллелер, халықтың турақ жайларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жыл 11-март күни «Абат ҳәм берекетли мәҳәлле – ел көрки» сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги