Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, техника илимлериниң докторы Сали Бауатдиновтың туўылғанына 80 жыл толыўына бағышланған «Деградацияланған топырақларды қайта тиклеўде жергиликли минераллардан пайдаланыўдың нәтийжелилиги» атамасында республикалық илимийәмелий конференция өткерилди.

Конференцияға С.Бауатдиновтың бирге ислесиўши кәсиплеслери, республикамыздағы ҳәм қоңсылас ўәлаятлардағы илим-изертлеў мәкемелериниң, жоқары оқыў орынларының илимпазлары, профессор-оқытыўшылар, қатар-қурбылары, шәкиртлери, туўған-туўысқанлары қатнасты.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың қутлықлаўын оқып еситтирди.

Академик Н.Аимбетов, бөлимниң бас илимий хаткери, профессор Ш.Туремуратов, Қарақалпақ тәбият илимлери илим-изертлеў институтының докторанты, техника илимлериниң философия докторы Д.Алланиязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, С.Бауатдиновтың өмири ҳәм илимий жумыслары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.




Атап өтилгениндей, С.Бауатдинов 1943-жылы Шымбай районында туўылған. 1966-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетин айрықша баҳалар менен табыслы тамамлап, усы институттың илимий кеңесиниң уйғарыўы бойынша институтта муғаллим етип қалдырылған.

Ол 1968-жылы ӨзРИА Қарақалпақстан филиалына стажёр-изертлеўши болып жумысқа орналасып, илим соқпағына дәслепки қәдемин қойды.

1978-жылы кандидатлық илимий дәрежесин алыў ушын «Төмен сортлы Қарақалпақстан фосфоритинен азотлы-сульфат кислотасы жәрдеминде жоқары концентрациялы қурамалы фосфорлы-азотлы төгин алыўдың технологиясы» атамасындағы диссертациялық жумысын табыслы жақлап шықты ҳәм техника илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин алды.

1980-жылы Тәбият илимлериниң бирлескен институты қурамында жаңадан шөлкемлестирилген «Минерал төгинлер химиясы» лабораториясына баслық етип тайынланды.

С.Бауатдинов республикамыз аймағындағы фосфорит, глауконит, бентонит минералларын терең изертлеп, аўыл хожалығы егинлеринен пахтаға, салыға қолланып, олардың зүрәәтлилигиниң артатуғынлығы, жердиң мелиоративлик жағдайының жақсыланатуғынлығы, топырақ қурамының босасып гумусының жоқарылайтуғынлығын көплеген тәжирийбелер арқалы дәлилледи ҳәм Қарақалпақстанда биринши мәрте оның илимий-теориялық тийкарын ислеп шықты.

Оның илимий-изерлеўлерине тийкарланған 4 монографиясы, 4 қолланбасы, 130 дан аслам илимий мақалалары баспадан шығарылды. Соңғы жыллары илимий жумысларының нәтийжелери бойынша глауконит минералы тийкарында жаңа минерал төгин алынды ҳәм оған патент берилди.

– С.Бауатдиновтың «Қарақалпақстанның жергиликли агрорудалары тийкарында қурамалы төгинлерди ислеп шығарыў» атамасындағы жумысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрман ҳәм қарарларына киргизилди,-дейди шәкиртлериниң бири, техника илимлериниң философия докторы Д.Алланиязов. – Пәрман тийкарында 2019-жылы С.Бауатдинов тәрепинен Елликқала районында глауконит сақлаўшы қурамалы аралас төгинлердиң жаңа түрлерин ислеп шығарыўшы кәрхана иске түсирилди.


С.Бауатдиновтың илим тараўындағы хызметлери есапқа алынып, 2013-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

Ол белгили илимпаз болыўы менен бирге, кәсиплеслери, мийнет жәмәәти арасында үлкен абырайға ийе, мийнеткеш, пидайы инсан. Ол өмирлик жолдасы менен бирге 5 ул 1 қызды кәмалға келтирип, қатарға қосқан, ақлық ҳәм шаўлықларының әдиўли атасы.

Илажда оның мийнет жолы, илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелери сәўлеленген көргизбелер тамашаланып,  илимпаздың кәсиплеслери, туўған-туўысқанлары, шәкиртлериниң қызғын қутлықлаўлары менен даўам етти.





Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги