Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Е. Қалмурзаевқа Нәўпир мәкан пуқаралар жыйынындағы Қарабуға көшесинде жасаўшы Г.Сапаровадан мүрәжат келип түскен еди.
Ол өзиниң мүрәжатында депутаттан еки перзентине паспорт алыў ушын жәрдем бериўин сораған.
Усы мәселе бойынша депутат мүражат ийесиниң пайтахтымыздағы 2-санлы кәсип-өнер мектебинде оқыйтуғын еки перзентиниң ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын өз есабынан төлемин әмелге асырып, ID паспорт алыўына әмелий жәрдем берилди.
– Өмирлик жолдасымның наўқаслығы, өзимниң де жумыссызлығым себепли төлемлерди төлеўге имканиятымыз жоқ еди,-дейди Г.Сапарова.
Мүрәжатымды итибарға алып, еки баламның паспортлы болыўына жәрдем көрсетип, мүрәжатымның унамлы шешим табыўына жәрдем бергени ушын депутатымызға шаңарағымыз атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги