Информация әсири есапланған 21-әсирде жәмийетлик турмысымызды электр энергиясыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Себеби, бүгинги күни социаллық объектлер, өндирис кәрханалары, исбилерменлик субъектлериниң барлығы да электр тоги арқалы жумыс алып барады. Бирақ, тәбийғый ресурслардың шекленгенлиги дүнья жәмийетшилигин альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўды талап етпекте.
Сонлықтан потенциаллы мәмлекетлер оның альтернатив жолларын излемекте. Бүгин дүнья энергетикасында «жасыл энергетика»ның үлеси дерлик 30 процентке, айырым Европа мәмлекетлеринде 80-90 процентке жеткен.
Шымбай районы Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Өмирбай Байназаров та жәмийеттиң электр энергиясына болған талабының күшейип баратырғанлығын өз ўақтында аңлап буннан 3 жыл бурын өз үйине қуяш панелин орнатқан еди.
-Жыйын орайынан әдеўир шетте жайласқанлықтан бизлер жасап атырған жақта электр энергиясы машқала еди,-дейди Өмирбай.-Сонлықтан буннан үш жыл бурын Ташкенттен қуяш панелин сатып алып, үйге қурдым. Нәтийжеси жаман болмады. Ҳәзир үйимди толық электр менен тәмийинлеп, аўылда жасасақта радио тыңлап, телевизордағы көрсетиўлерди үзликсиз тамашалап отырмыз. Ең баслысы, усы қуяш панелиниң жәрдеминде дүньяда болып атырған жаңалықлардан хабардар болып, бийминнет ҳәм қәўетерсиз өмирде жасап атырмыз.
Ҳақыйқатында да, жыйын орайынан 15-20 км узақлықта жасап, шарўашылық пенен шуғылланатуғын Өмирбай Байназаров халық қатары өз шаңарағы менен турмыс кеширип, қуяш панелинен пайдаланып атырған аймақтың дәслепки турғынларының бири сыпатында көпшиликке үлги болмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы