Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен бажыхана уйымларында хызмет етип атырған ҳаял-қызлар арасында спорттың бадминтон, стол тенниси ҳәм шашка түрлери бойынша жарыс өткерилди.
Жарысқа басқарма хызметкерлери ҳәм еркин жалланба жумысшылар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
– Спорт тек ғана физикалық таярлық ҳәм шынығыў емес, ал адамларды шынықтырыўшы, топарлар арасында бир-бирин түсиниўди, аўызбиршиликти тәмийинлеўши, қатнасыўшыларға руўхый дем алыў имканиятын жаратыўшы нәрсе,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Бул жарыс басқармадағы ҳаял-қызлардың өз-ара беллесип, дослығын, физикалық таярлығын көрсетиў имканиятын бериў мақсетинде өткерилди.
Жарыс жоқары көтериңкилик ҳәм бәсекилик руўхында өткерилип, қызғын беллесиўлерге бай болды.
Жарыста жеңимпазлар анықланып, мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги