Түркияда 24 күн даўамында жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан Өзбекстан Қорғаныў министрлигиниң маман әскерий хызметкерлери Ташкентке қайтып келди.

Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар департаменти хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола усы жылдың 8-февраль күни Қорғаныў министрлигиниң маман әскерий хызметкерлеринен ибарат медициналық отряд жер силкиниўлер ақыбетлерин сапластырыўда жәрдем бериў ҳәм жер силкиниўинен жәбирленгенлерге медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде Түркия Республикасына жөнеп кеткен еди.

Өзбекстанлы әскерий хызметкерлер дерлик бир ай даўамында жер силкиниўлерден жәбир көрген түрк халқына инсаныйлық жәрдем көрсетип, аўыр демлерде қоллап-қуўатлап, оларға көмекши болды. Усы ўақыт даўамында олар жәми 3860 пуқараға медициналық жәрдем көрсетти.

Бүгин, 6-март күни Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Қорғаныў министрлигиниң медициналық отряды хызметкерлерин ғалаба хабар қураллары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, қорғаныў министриниң орынбасары ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

ӨзА