Ҳиндстанда «Doc-1 Max» сиропын ислеп шығарыўшы «Marion Biotech» фармацевтика компаниясының үш хызметкери қолға алынды. Хабарыңыз бар, бул дәри-дәрмақты қабыл етиў ақыбетинде елимизде 20 бала өмирден көз жумған еди.
Дәрекке бола, кәрхана хызметкерлерине контрафакт дәри-дәрмақларын ислеп шығарыў ҳәм сатыў айыплаўы қойылған.
Қамаққа алыў илажлары 2-март күни кешки ўақыт Дәри-дәрмақ стандартларын қадағалаў бойынша орайлық шөлкем инспекторлары тәрепинен «Marion Biotech» компаниясының бес лаўазымлы шахсына, соның ишинде, оның еки менеджерине қарсы судға шағым киргизилгенинен кейин қолланылған.
Полиция компания басшыларының ҳәзирги ўақытта қолға алынбағаны, олар излеўге берилгенин мәлим етти.
Бизге белгили, 2022-жылдың ноябрь айынан берли Өзбекстанда «Doc-1 Max» сиропин қабыл еткен 20 бала қайтыс болған еди.
Өткен жылдың декабрь айынының ақырында Ҳиндстан ҳүкимети «Marion Biotech»ке қарсы ис ашты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги