Тең келмей базыда теңлерге,

Қол жетпей турсада жеңлерге,

Жарқырап атқан таң, демлерге,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Турмыстың таўсылмас, иси мол,

Байлыққа көз тоймас, жетпес қол,

Ашылса гүл-ғумша оң ҳәм сол,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Ул-қыздың шад болып күлгени,

Алдыңда саў-аман жүргени,

Байлық ғой, зейини илгени,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Өмир бул санаўлы дем деген,

Кеткенниң ҳеш бири келмеген,

Пул ушын ойнамаң, жер менен,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Қәдирдан, дос-яран, тең менен,

Мереке атқарып, ел менен,

Жасаған жарасық, не деген,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Туўры жол көрсетип жаманға,

Жаман ат тақпастан заманға,

Он еки мүшеңиз аманға,

Шүкирлик айтыңлар адамлар.

 

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги